Манфред Хутерер: ГФР Өзбекстанды ҳәмийше қоллап-қуўатлайды

Күни кеше Германия сиясий турмысында әҳмийетли ўақыя жүз берди. Мәмлекеттиң жаңа Канцлери сыпатында Фридрих Мерц жумыс баслады. Оның сиясий тәжирийбеси ҳәм экономикалық билими, сондай-ақ, халықаралық байланыслар бойынша алға қойған басламалары мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғыны күтилмекте.
Жыллар даўамында Германия Өзбекстанның әҳмийетли экономикалық шериги болып келмекте. Фридрих Мерц басшылығы дәўиринде шериклик және де раўажланыў итималы жоқары. Энергетика, аўыл хожалығы ҳәм инфраструктура тараўларына қәнигелескен ГФР компаниялары мәмлекетимизге ири инвестиция киргизиўге қызығыўшылық билдирмекте. Бул экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Германияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Манфред Хутерердиң атап өткениндей, билимлендириў ҳәм илим тараўындағы байланыслар да жедел беккемленбекте. Нәтийжели бирге ислесиў тек ғана еки мәмлекеттиң раўажланыўына емес, ал регионаллық турақлылыққа да үлес қосады. Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан-Германия қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилетуғыны сөзсиз.
ӨзА