Ҳаял-қызлардың сиясий ҳәм жәмийетлик турмыстағы орны атап өтилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында “Гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлардың сайлаўдағы орны” атамасында семинар болып өтти. Илаж Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси, “Экология ҳәм саламатлық” ҳаял-қызлар клубы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди, – деп мағлыўмат береди НМПИ Баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Семинардың тийкарғы мақсети – ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, жәмийетте гендер теңлигин үгит-нәсиятлаў, соның менен бирге, пуқаралардың усы мәселелерге байланыслы билим ҳәм түсиниклерин және де арттырыўдан ибарат.
Илаж даўамында мәмлекетимизде гендер сиясаты бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, ҳаял-қызлардың сиясий ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы мәселелери кеңнен сәўлелендирилди. Атап айтқанда, 2024-жылы болып өткен сайлаўлардың нәтийжесине бола, Сенатта ҳаял-қызлардың үлеси 27 процентке, Нызамшылық палатасында 38 процентке, жергиликли Кеңеслерде болса 32,5 процентке жеткени атап өтилди.
Семинар қатнасыўшылары усы ҳәм басқа да әҳмийетли мағлыўматлар менен танысыў менен бир қатарда, өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелеринен ҳәр тәреплеме жуўап алды.


Бул илаж ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги