Мәрт аталарымыздың ерликлери еске алынды

262

Шымбай районында  9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен  Көнши мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дослық  гүзары» бойында жайласқан  «Ҳәсиретли ана» естелигинде байрам илажы болып өтти.

Илажға район ҳәкими Айбек Тажетдинов, сектор баслықлары, нуранийлар хәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп  қатнасыўшылар «Ҳәсиретли ана» естелигине  гүл шеңберлер қойды. Буннан соң екинши жер жүзилик урыста қаза болғанлардың руўхына Қуран оқылды. Сондай- ақ, урыста қаза тапқан ҳәм урысқа қатнасқан мәрт азаматларымыздың дизимлерин көзден өткерип, бүгинги парахат ҳәм тыныш өмиримиздиң қорғаўшыларын еске алды.

Соны мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, бул жойбар район ҳәкими Айбек Тажетдиновтың тиккелей басшылығында шөлкемлестирилип, бул жерде урыс қатнасыўшыларының дизими өшпес алтын ҳәриплер менен жазылған. Сондай-ақ, «Ҳәсиретли ана» естелиги орнатылып,әскерий техникалар алып келинди. Бул әскерий техникаларды көрген инсанға, әсиресе, жас аўладларымыз урыстың қаншелли қыйын дәўир екенин сезиниў ҳәм тыныш заманымызға , ашық аспанымызға  шүкиршилик пенен  қараў кереклигин қайта- қайта еслетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги