Қубла Ферғана каналында жүзеге келген жағдай бойынша «Өзбекгидроэнерго» АЖ рәсмий мүнәсибет билдирди

246

Бүгин социаллық тармақларда Әндижан ўәлаяты Булақбашы районы Сарвонтепа мәҳәллесинен өтиўши Қубла Ферғана каналында жүзеге келген насазлық нәтийжесинде суў айырым шаңарақларға кирип кеткени ҳаққында хабарлар тарқалды.

Бул жағдайға мүнәсибет билдирген «Өзбекгидроэнерго» АЖ рәсмийлериниң мәлим етиўинше, суў тесип шығыўы анықланғаннан соң Қубла Ферғана магистраль каналындағы суўдың ағысы толық тоқтатылған.

Ҳәзирги ўақытта жуўапкерлер тәрепинен каналдан суў өткериў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша барлық илажлар көрилмекте. Соның менен бирге, Әндижан ўәлаяты Нарын-Қарадәрья ирригация системалары басқармасы тәрепинен суўдың ағысы толық тоқтатылған.

Ўақыя орнына Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер тартылған ҳәм жағдай толық қадағалаўға алынған.

Бул мүнәсибетте пуқаралардан артықша қәўетерге түспеў соралған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги