Черчилльдиң естелигине тийгенлер қамалады

Уллы Британия ҳүкимети парламент майданындағы Уинстон Черчилль естелигиниң үстине миниў жынаят есапланатуғынын мәлим етти, деп жазады ВВС.
Усы ҳуқықбузарлықты ислеген адам Патшалықтың Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги жетекшисин кемситкени ушын үш айға шекем қамақ жазасы ҳәм 1000 фунт стерлинг муғдарында жәрийма менен жазаланыўы мүмкин.
Черчилль естелиги рәсмий Британияның урыс дәўири естелиги сыпатында классификацияланбаған, бирақ ишки ислер министри Иветт Купер арнаўлы естеликлер дизимине қосыў режелестирилип атырғанын айтты. Бул усыныс ҳәзир парламентте көрип шығылып атырған «Жынаят ҳәм полиция ҳаққында»ғы нызам жойбарында бар. Бас министр Кир Стармер басламаны қоллап-қуўатлап, былай деди:
– Мырза Уинстон Черчилль мәмлекетимиздиң ең уллы қаҳарманларының шоққысында турыпты. Ол ҳәр бир Бас министр ушын илҳам дәреги болып есапланады.
ӨзА