Орайлық банк бийтаныс қосымшаларды орнатпаўға шақырды

236

Бизге белгили, Орайлық банк физикалық тәреплерге кредитлер ажыратпайды. Сондай-ақ, финанслық хызметлер көрсетиў менен шуғылланбайды.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде ҳәр қыйлы алдаўшылар тәрепинен Телеграм мессенджери арқалы пуқаралардың исенимине кириў мақсетинде Орайлық банктиң символикалық белгилери көрсетилген жалған профильлерден қәлбеки гүўалық сүўретлери ҳәм ҳүжжетлерди жибериў даўам етпекте.

Орайлық банк бул жалған «қәўипсизлик хызмети» хызметкериниң сөзлерине исенип, көплеген пуқаралар банк қосымшалары арқалы онлайн кредит алыўға арза бериўи ҳәм телефон қурылмасына зыянлы қосымшалар орнатыўы нәтийжесинде банк картасында болған ҳәм ажыратылған кредит қаржыларынан айырылып атырғанын мәлим етти.

Орайлық банк таныс емес аккаунтлардан «кредитти бийкарлаў», «қәўипсиз есап бетке пул өткериў» мазмунындағы хабарлар келсе, байланысқа кириспеў, бул пайдаланыўшыны блоклап қойыў ҳәм смартфонға зыянлы (АПК) қосымшаларды орнатпаўға шақырды.

Ш.Маматуропова,  ӨзА