“Студентлер фестивалы”на старт берилди

233

Жаслар ислери агентлигинде усы фестиваль шеңбериндеги таңлаў ҳәм жойбарларды шөлкемлестириў бойынша баспасөз әнжуманы болып өтти.

Атап өтилгениндей, жас әўладты мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм мәлимлеме технологияларына тартыў, китап қумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген ҳәм 1,5 миллионнан аслам студент-жасларды қамтып алған бул фестиваль шеңберинде кең көлемли жойбарлар ҳәм таңлаўлар шөлкемлестирилмекте.

Атап айтқанда, “Коntent72” социаллық видеороликлер таңлаўы ҳәм “Таlabalik davrim”  фото ҳәм видео челленжи, студент-қызлар ушын “AI Girls BootCamp” дем алыў орайының ашылыўы, мектеп оқыўшылары ҳәм университет студентлериниң қатнасыўында “Zakovat” интеллектуаллық ойынлары, “Жисмоний тайёргарлик синовлари”, “Qalqon” жәмийетлик топарының жыйыны, “Таlabalar teatr studiyalari” таңлаўлары болып өтеди.


Сондай-ақ, “BМТ моdeli” жойбары, “Иbrat” дебат турнири, “Yurtim qadriyatlari” таңлаўы, илимий-әмелий конференциялар, “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” фестивальлары да шөлкемлестириледи.

21-23-май күнлери фестиваль шеңберинде “TalabaExpo – 2025” көргизбеси өткериледи. Үш күнлик бағдарлама “Абитуриентлер күни” – жоқары оқыў орынларының презентациялары, “Студентлер күни” – “TalabaStartUp Pitch” таңлаўы, “Таlaba Talant” креатив шоусы ҳәм “Bitiruvchilar kuni” бос жумыс орынлары ярмаркасы, бизнес жойбарлар презентациялары, “ТаlabaKelajak” – табыслы питкериўшилер менен ушырасыўларды өз ишине алады.

Фестиваль жуўмағында 300 мың студентти қамтып алыўшы гала-концерт бағдарламасы өткериледи.

ӨзА