Фон дер Ляен: Урыстан кейин “Россияға қайтыў” тарийхый қәте болады

271

– Россияға ғәрезлилик тек ғана қәўипсизлигимиз ушын емес, ал экономикамыз ушын да жаман, – деди Урсула фон дер Ляен Европа парламенти мәжилисинде.

““Euronews “тиң хабар бериўинше, Европа Комиссиясы жетекшиси Украинадағы урыс жуўмақланғаннан кейин, РФдан қазып алынатуғын жанылғыны сатып алыўды даўам еттириў имканиятын пүткиллей бийкарлады ҳәм бундай қарар ески континент ушын “тарийхый көлемдеги қәте” болатуғынын ескертти.

Онлаған жыллар даўамында ЕА РФның ең ири қарыйдары еди, бирақ көп миллиард евролық коммерциялық қатнасық 2022-жылдың басында Путин кең көлемли әскерий әмелият баслағаннан кейин истен шыққан. Соннан берли структура Россияда қазып алынатуғын жанылғы тутыныўын қысқартыў бойынша мисли көрилмеген илажлар көрди. Соның ишинде, көмир ҳәм теңиз нефтине кең көлемли шеклеў қойды.

Муслим Зиё, ӨзА