Ҳиндстан – Пакистан: Қыйын қарар жәрияланды

– Буннан кейин ҳинд суўы тек ғана Ҳиндстан ушын ағады, мәмлекетимиз мәпине хызмет етеди, сақланады ҳәм раўажланыўымыз жолында пайдаланылады, – деди Бас министр Нарендра Моди.
Әйне Пакистан тилге алынбаса да, оның түсиниги қоңсы мәмлекет пенен 65 жыллық суў бөлистириў шәртнамасы тоқтатылғанынан 15 күн өтип жаңлағаны қәўетерли. Еки мәмлекет қатнасығы өткен айда Ҳиндстан аймағындағы Кашмир регионында жаўыз күшлердиң туристлерге шөлкемлестирген аянышлы ҳүжиминен соң төменледи. Дели Пакистанды трансшегаралық терроризмди қоллап-қуўатлаўда айыплады, Исламабад айыплаўды қатаң бийкарлады. Бүгин ҳинд әскерлери Кашмирдеги тоғыз аймаққа ракетадан соққы бериўи ақыбетинде сегиз адам қайтыс болғаны айтылды.
Ҳиндстаннан ағып келетуғын бир неше дәрья Пакистандағы фермер хожалықларының 80 процентин суў менен тәмийинлейди. Ислам Республикасы басшылары буннан алдын суўдың ағысын тоқтатыўға қаратылған ҳәр қандай урыныў «урыс ҳәрекети сыпатында қабыл етилиўи»нен ескерткен еди.
Мусулмон Зиё, ӨзА