Түркий дүнья раўажланыўы жолындағы бирге ислесиў

Мәмлекетимизде жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў, жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўын раўажландырыў және халықаралық дәрежеге алып шығыў, илим ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. «Өзбекстан-2030» стратегиясында да билимлендириўге айрықша итибар қаратылған болып, ҳәр жылы қабыл етилип атырған Мәмлекетлик бағдарламаларда усы тараўды раўажландырыўға байланыслы анық мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленбекте. Тараўдағы системалы ҳәрекетлер нәтийжесинде бүгинги күнге келип, билимлендириў тараўында турақлы сиясат ҳәм ресурслар базасы қәлиплести.
Ташкентте Ренессанс билимлендириў университети тәрепинен Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте «Социаллық билимлер ҳәм техникалық-инженерлик түрк дүньясы» темасында халықаралық симпозиум өткерилди. Бул әнжуманнан гөзленген мақсет – түркий халықлар арасында социаллық-гуманитарлық илимлер ҳәм инженерлик-техникалық тараўлардың өз-ара байланыслылығын беккемлеў, илимий бирге ислесиўди тереңлестириў, заманагөй инновациялық көзқарасларды алмасыў және түркий дүньяның раўажланыўына хызмет ететуғын биргеликтеги илимий баслама ҳәм жойбарларды алға қойыўдан ибарат.

Илажда Олий Мажлис Сенатының ағзалары, елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге 12 мәмлекет, соның ишинде, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң абырайлы университетлериниң ўәкиллери қатнасты.

Бул халықаралық әнжуман түркий халықларды байланыстыратуғын тарийхый, мәдений ҳәм интеллектуаллық байланысларды буннан былай да беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды, деп айтыў мүмкин. Симпозиум шеңберинде инженерлик ҳәм технологиялық пәнлер менен социаллық-гуманитарлық бағдарларды интеграциялаў, оларды түркий халықлардың раўажланыўы жолында үйлестириў мәселелери кеңнен додаланды.

Әнжуманда дәслеп Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң симпозиум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўы ҳәм шығып сөйлеген сөзи оқып еситтирилди. Министрдиң шығып сөйлеген сөзинде атап өтилгениндей, түркий дүнья мәмлекетлери бүгинги глобалласыў процесинде заманагөй илим, технология ҳәм инженерлик жетискенликлерине сүйенген ҳалда раўажланыўға қарай анық умтылмақта. Соның менен бирге, социаллық билимлер – тарийх, тил, мәденият ҳәм философия бирлестириўши ишки күшимиз сыпатында еле де айрықша әҳмийетке ийе. Бул әнжуман нәтийжесинде ҳәзирги глобал тенденциялар ҳәм сырт ел тәжирийбелери бойынша жаңа билимлерге ийе болып, илимий бирге ислесиўди күшейтиў, билимлендириў ҳәм илимди әмелият пенен үйлестириў, келешекте изертлеўлер ушын жаңа бағдарларды белгилеп алыў имканияты жүзеге келеди.

Симпозиумда Түркия, Қазақстан, Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлдердиң бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери шығып сөйлеп, бул әнжуман түркий дүнья илимпазларын бирлестиретуғын илимий-мәдений көпир болатуғыны, билимлендириў ҳәм илимде өз-ара тәжирийбе алмасыў майданы болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Симпозиум даўамында билимлендириў ҳәм илим тараўы ўәкиллери бир қатар секторлар бойынша жумыс алып барды. Соның ишинде, секторларда заманагөй жәмийетте педагогикалық анализлеў ҳәм изертлеўлер, турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде жасыл экономика, санлы технологиялардың орны ҳәм әҳмийети, Евроазия регионында түркий мәмлекетлер тарийхы ҳәм мәденияты, сондай-ақ, инженерлик, математикалық моделлестириў, мәлимлеме системалары ҳәм технологиялық билимлер ҳәр тәреплеме додаланды.
Муҳтарама Комилова,
Дониёр Якубов,
Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА