Илимпазлар Жерге уқсаған планетада өмир белгилерин анықлады (+видео)

297

Илимпазлар «James Webb» телескопы жәрдеминде К2-18б деп аталған планета атмосферасында тири организмлер менен байланыслы болыўы мүмкин болған элементлерди анықлады. Бул элементлер Жердеги теңиздеги микроскопиялық жәнликлер – фитопланктонлар тәрепинен пайда етиледи.

Сол себепли илимпазлар, итимал бул планетада да өмир болыўы мүмкин деп ойламақта. Бирақ олар еле «өмир таптық» деп анық айтып атырғаны жоқ, тек ғана жасап кетиў белгиси болыўы мүмкин болған элементлерди көргенин айтпақта. Изертлеў басшысы бул жағдайды: «Қуяш системасынан тысқарыда өмир излеўдеги үлкен бир қәдем» деп атады.

К2-18б-Жерге қарағанда 8 есеге аўыррақ, диаметри 2,5 есеге үлкен планета. Ол Қуяшқа уқсас киширек жулдыз әтирапында айланыўда даўам етеди ҳәм бул жулдыз бизден 124 жақтылық жылы узақта жайласқан.

Илимпазлар бул планета суйықлық (суў) пенен қапланған, водородқа бай ҳаўа қатламына ийе ҳәм итимал микроорганизмлер жасаўы мүмкин болған жер деп ойламақта. Алдын да бул планетада метан, карбонат ангидрид ҳәм ҳәтте суў пуўлары табылған еди.

Бирақ, илимпазлар еле ҳеш қандай қыстаўлы жуўмақ шығарыўды қәлемей атыр. Олар бул табылмаларды және бир мәрте тексериў, басқа себеплерден пайда болған болыўы мүмкин екенлигин де анықластырыў керек екенлигин айтпақта. Себеби, ҳеш ким «өмир таптық» деп ерте баянат бериўди қәлемейди.

Және бир қызық жаңалық: басқа бир изертлеўде илимпазлар басқаша орбитаға ийе планетаны да тапты. Бул планета өз жулдызлары әтирапында әдеттегиден пүткиллей басқаша – тик жағдайда айланады. Бундай орбиталы планета алдын ҳеш қашан анықланбаған еди.

Егер басқа планетада өмир анықланып, бул жерге көшиў имканияты болғанында сиз көшип кетермедиңиз, пикирлериңизди билдириўлерде жазып қалдырың. Кейинги санларда көрискенше, хош саламат болың.

ӨзА