Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасының Федерал Канцлери Фридрих Мерцти усы лаўазымға сайланғаны мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди

333

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң хатында Канцлер басшылығындағы Ҳүкиметтиң басқарыўында Германия дүньяның жетекши демократиялық ҳәм экономикалық раўажланған мәмлекети сыпатында өз абырайын буннан былай да беккемлеўде даўам ететуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Европа Аўқамындағы дәстүрий ҳәм ўақыт сынақларынан өткен ҳәм әҳмийетли бирге ислесиўши болған Германия менен көп тәреплемели ҳәм узақ мүддетли байланысларды тереңлестириўге тийкарғы әҳмийет қарататуғыны атап өтилген.

“Сиз бенен биргеликтеги исенимли ҳәрекетлеримиз бенен “жасыл” экономика, инвестициялар, инфраструктура, технологиялар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы шериклигимиз жедел раўажланып, келешекте пүткиллей жаңа басқышқа көтерилетуғынына исенемен,”

– делинеди Президентимиздиң хатында.