Жазыўшының дөретиўшилиги қәдирленип, еске алынды

Бүгин 7-май күни Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық жазыўшысы, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлериниң ийеси Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 96 жыл толды.
Усы мүнәсибет пенен Т. Қайыпбергеновтыӊ шаӊарақ ағзалары, шәкиртлери ҳәм Нөкис районы ҳәкимлиги хызметкерлери “Азизлер Баба” қойымшылығына барып зыярат етип, жазыўшының руўхына қуран оқылды. Буннан соң, райондағы Политехникумда жазыўшының туўылған күни мүнәсибети менен дөретиўшилик әдебий кеше шөлкемлестирилди. Кешеде сөзге шыққанлар Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың өмир жолы, ислеген мийнетлери, шығармалары ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўматлар берди.
1929-жыл 7-майда ҳәзирги Кегейли районында Нөкис районы аймағында дүньяға келген жазыўшы өзиниң бай ҳәм жемисли дөретиўшилиги арқалы Қарақалпақ әдебиятының бийик шыңларын ийелеген.
Ол дөреткен «Секретар» «Муғаллимге рахмет» «Соңғы ҳүжим», «Суўық тамшы», «Қарақалпақ қызы», «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» сондай-ақ, «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы шығармалары ҳәм «Қарақалпақнама» сыяқлы ири эпикалық шығармалар өзбек ҳәм басқа да көплеген жәҳән тиллерине аўдарылған.
Жазыўшының атын мәңгилестириў бағдарында да бир қатар басламалар әмелге асырылып, Нөкис қаласындағы орайлық көшелерден бири оның аты менен аталады, сондай-ақ, Ташкенттеги Жазыўшылар қыябанында жазыўшының естелиги бой тиклеген. Ол бурынғы Аўқам мәмлекетлик сыйлығының, сондай-ақ, Маҳмуд Қашқарий ҳәм Михаил Шолохов атындағы халықаралық сыйлықлардың лауреаты.
Төлепберген Қайыпбергенов тек ғана қарақалпақ емес, ал пүткил өзбек әдебияты тарийхында терең из қалдырған, миллий мақтаныш ҳәм мәденият тымсалына айланған уллы дөретиўши.

Оның руўхый мийрасы биз ушын бийбаҳа байлық болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги