Ишимлик суўы линиясын тартыў қызғын даўам етпекте

373

Алдын хабар берилгениндей, 2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилген еди.

Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден  зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.

Жойбар Азия раўажландырыў банки есабынан қаржыландырылып, жойбар баҳасы 8,21 млн. доллардан ибарат.

Жойбар тийкарында Мойнақ районындағы Қызылжар АПЖның «Әлий» аўылы, Ҳәким ата АПЖның «Дослық» аўылы, Мәдели АПЖның «Шеге» аўылы, Бозатаў АПЖның «Әмиўдәрья», «Қыпшақдәрья», «Таллық» аўыллары, Үшсай АПЖның «Үшсай», «Тоқпақ ата» аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынларының аймақларына «Түйе мойын» суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады.

Ҳәзир жумыслар Мойнақ районының барлық аўыл пуқаралар жыйынларында алып барылып, жақын күнлер ишинде район орайында да жумыслар даўам еттирилиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги