Тез жәрдемдеги жәми шақырыўлардың төрттен бири созылмалы кеселликлери бар наўқасларға туўра келмекте

355

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында медицина тараўындағы реформалардың гезектеги басқышында турған ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Өзбекстанда жуқпалы болмаған кеселликлер экономикамызға ҳәр жылы 1 миллиард доллар зыян келтириўи есапланған. Тез жәрдемдеги жәми шақырыўлардың төрттен бири созылмалы кеселликлери бар наўқасларға туўра келмекте.

Мәселен, Ферғанадағы 12 мәҳәлледе өткерилген үйрениўде ҳәр 10 наўқастан 8и шаңарақлық шыпакерди шетлеп өтип, емлеўханаға ямаса жеке меншик клиникаға барып атырғанын айтқан. Хорезмде болса наўқаслар шаңарақлық шыпакерди емес, тез жәрдемди абзал көрмекте. Әпиўайы етип айтқанда, тез жәрдем тап поликлиникадай болып қалған.

Әндижан, Наманган ҳәм Самарқанд қаласында поликлиника шыпакери күнине 50-60 наўқасты қабылламақта. Бул ҳеш қандай медицина стандартларына туўра келмейди.

Бухарада шаңарақлық шыпакерлер профилактика, скрининг ҳәм емлеў менен шуғылланыў орнына наўқасты емлеўханаға бағдарлаўшы «диспетчер» болып қалғаны атап өтилди.

Бул мәселелерди я денсаўлықты сақлаў жуўапкерлери, я ҳәкимлер ойлап көрмегени атап өтилди.

ӨзА