Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

199

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында медицина тараўындағы реформалардың гезектеги басқышында турған тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.

Соңғы 7 жылда медицинаға ажыратылып атырған қаржы 6 есеге артқаны ҳәм усы жылы 42 триллион сумға жеткени атап өтилди.

Мәҳәллелердеги басланғыш буўын менен қәнигелескен хызметлерди байланыстыратуғын комплексли система жаратылды. Алдын тек ғана пайтахтта орынланған 400 ден артық жоқары технологиялық операция ўәлаят ҳәм районларда өткерилмекте. Тек ғана бүйрек көшириў операциясы күнине 2 еўден орынланбақта.

Мәмлекетимизде ҳәр он мың халыққа 27 шыпакер туўра келеди. Бул АҚШ, Уллы Британия, Финляндия менен бирдей көрсеткиш. Түркия ҳәм Канадада бул санлар 1,5 есе аз.

– Көрип турсыз, бизде медицина хызметкерлериниң санында да, қаржыландырыўда да машқала жоқ. Бирақ, сапа-не! Бул бағдарда тартыслы сораўлар оғада көп,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА