1500 ҳәдисти өз ишине алған электрон база қәлиплестириледи

Шығыстың уллы ойшыллары инсанды әдеп-икрамлылық жақтан жетилистириў, оны ҳәр тәреплеме раўажландырып, руўхый келбетин қәлиплестириўди жәмийет раўажланыўының әҳмийетли факторы, деп билген ҳәм бул – әйне ҳақыйқат болып табылады.
Еслетип өтиў керек, әдеп-икрамлылық – инсан ҳаққында жағымлы тәсир оятатуғын, бирақ жәмәәт, жәмийет ҳәм инсаният турмысында онша үлкен әҳмийетке ийе болмайтуғын, миллий үрп-әдетлерге тийкарланған гөззал ис-ҳәрекетлерди өз ишине алады.
Минез-қулық – шаңарақ, жәмәәт, мәҳәлледе, көшеде, жәмийетлик орынларда әҳмийетли болған, бирақ жәмийет ҳәм инсаният турмысына сезилерли тәсир көрсетпейтуғын жағымлы инсаный ис-ҳәрекетлер жыйындысы.
Әдеп-икрамлылық болса жәмийет, заман, адамзат тарийхы ушын үлги бола алатуғын унамлы ис-ҳәрекетлер жыйындысы.
Әдеп-икрамлылықтың қәлиплесиўи ҳәм социаллық орнында динниң әҳмийети үлкен. Инсанға жаманлықтың зыянларын түсиндириў ҳәм қыйсық жолға киргенлерди дурыс турмыс заўқына шақырыў да муқаддес Ислам дининиң ўазыйпаларынан.
Жаңа Өзбекстан дәўиринде диний-мәнаўий мийрасты қәстерлеп сақлаў, үгит-нәсиятлаў ҳәм заманагөй технологиялар арқалы жәмийетшиликке жеткериў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта. Мине, усындай басламалардан бири сыпатында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында социаллық-әдеп-икрамлылық ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе ҳәдислер топламының электрон базасын жаратыў режелестирилмекте.
Бул жойбар шеңберинде 1500 ҳәдисти өз ишине алған электрон база қәлиплестириледи. Онда инсан әдеби, шаңарақ, қарым-қатнас мәденияты, ҳадаллық, әдиллик, сабыр-тақат, мийрим-шәпәәт сыяқлы түрли темаларға байланыслы ҳәдислер жәмленеди.
Бул база үлкен дәрек ўазыйпасын атқарады, делинеди Ислам цивилизациясы орайының мағлыўматында. Әсиресе, орайға келиўшилер өзлерин қызықтырған темалар бойынша ҳәдислерди излеп табыў, оқыў ҳәм таллаў имканиятына ийе болады. Бул, сондай-ақ, ҳәдис илимин ғалаба ен жайдырыў, жас әўладқа ислам әдеп-икрамлылығын сиңдириўде әҳмийетли роль атқарады.
А.РУСТАМОВ, ӨзА