“Метан заправка”ларды шөлкемлестириў тәртиби ҳәм талаплары қандай? (+видео)

267

Өзбекстанда метан газ қуйыў шақапшаларын (АГТКШ) шөлкемлестириў тәртиби қатаң нормативлик ҳүжжетлер тийкарында әмелге асырылады. “Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы” мәмлекетлик мәкемесиниң Ташкент ўәлаяты филиалы бас эксперти Зуҳриддин Исмоилов бул бойынша мағлыўмат берди.

Метан газ қуйыў шақапшасының жумысын шөлкемлестириўде “Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы” мәмлекетлик мәкемесиниң жуўмағын алыў ушын буйыртпашылар тәрепинен әмел етилиўи зәрүр болған бир қатар экологиялық-ҳуқықый нормалар бар.

Атап айтқанда, кәрхана жумысы даўамында пайда болатуғын барлық шығындыларды жыйнаў, тасыў, қайта ислеў ямаса зыянсызландырыў бойынша толық система жаратылыўы зәрүр.

Метан газ қуйыў шақапшаларының жумысын жолға қойыўда экологиялық қәўипсизликке байланыслы төмендеги талаплар қатаң орынланыўы шәрт: қәўиплилик дәрежеси I, II ҳәм III классқа тийисли шығындыларды қатты турмыслық шығындылар ўақтынша топланатуғын майданда сақлаў, жаўын суўларын нефтьти иркип турыўшы тазалаў қурылмасында зыянсызландырмастан ашық суў бассейнлерине таслаў, сондай-ақ, газ қубырлары ҳәм үскенелериниң зыянланыўы нәтийжесинде атмосфера ҳаўасына үзликсиз газ шығып кетиўине жол қойыў қатаң қадаған етиледи.

Зуҳриддин Исмоилов сәўбет даўамында усы ҳәм басқа да тәртип ҳәм талаплар бойынша толық мағлыўмат берди.

ӨзА