«Өзбекстан. «Жениске жол» – жаңа фильм премьерасы

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Россияның «Диви» кинокомпаниясы менен биргеликте сүўретке алынған «Өзбекстан. Жеңиске жол» атамасындағы тарийхый-көркем ҳүжжетли фильм премьерасы болып өтеди.
Фильм тилеклеслик, мийрим-шәпәәт ҳәм миллетлераралық дослық темасын ашып берген ҳалда көркем түсиник ҳәм тарийхый анықлық арқалы өтмишти еске алыўға қаратылған. Бул тарийхый ҳүжжетли фильмниң тийкарғы сахналарын сүўретке алыў жумыслары Ташкенттеги Еслеў ҳәм қәдирлеў майданы, сондай-ақ, урыс жылларында ҳақыйқый адамгершиликти улығлаўшы шаңарақ сыпатында үлкен мәртлик көрсетип, түрли миллетке тийисли болған 15 баланы сақлап алған темирши Шоаҳмад Шомаҳмудовлар шаңарағын еслеўге қойылған естелик комплекси ҳәм Жеңис парки аймағында алып барылды.
Тарийхтың гүўалық бериўинше, бул урыс өзиниң қорқынышлары менен жер жүзи халқының 80 процентин қамтып алған ҳәм бул көрсеткиш оған шекем болған барлық саўашлардың жыйындысынан да артып кететуғынын көрсетеди. Онда сол дәўирде ғәрезсиз болған 73 мәмлекеттен 1,7 миллиард халқы болған 61 мәмлекет қатнасқан. Әскерий ҳәрекетлер 40 мәмлекет, үш материк ҳәм төрт океан аймағында алып барылган.
Бизге белгили, 1941-жылы республикамыз халқы 6 миллион 800 мыңнан аслам адамды қурайтуғын еди. Урыс басланыўы менен дерлик 2 миллион ўатанласымыз фронтқа атланды. Ҳәр бири шын мәнисинде қаҳарман болған бул әзиз инсанлардың 500 мыңнан асламы аяўсыз саўашларда қайтыс болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, «Биз бул санларды ҳәр жылы қайта-қайта еске аламыз. Бул әпиўайы санлар емес. Олардың негизинде кишипейил аналарымыз, апаларымыз, мәрт ҳәм батыр аталарымыз, ата-бабаларымыз, пүткил халқымыздың кеўлиндеги шексиз қайғы жәмленген. Бул дәрт ҳәм азапты я сан, я сөз бенен жеткериўге болмайды».
Екинши жер жүзилик урыс жылларында Өзбекстан халқы шама менен 6,5 миллион адамды қурайтуғын еди. Саўашлар болып атырған аймақлардан елимизге 1,5 миллионнан аслам адам көширип алып келинген ҳәм өзлери де урысты басынан өткерип атырғанына қарамастан, Өзбекстан аймағына келген урыс жәбиркешлериниң ҳәммесине кеңпейил ўатанласларымыз бар мийримин берген.
Урыс жылларында ҳақыйқый адамгершиликти улығлайтуғын өзбек шаңарағы сыпатында үлкен мәртлик көрсетип, түрли миллетке тийисли болған 15 баланы сақлаған темирши Шоаҳмад Шомаҳмудовлардың шаңарағын қанша еслесек те аз. Мине, 80 жылдан берли, Шоаҳмад Шомаҳмудовлар шаңарағы көрсеткен адамгершилик тек ғана Өзбекстан халқы ушын емес, ал урыслар болған аймақлардан елимизге көширип алып келинип, меҳир көрсетилген 1,5 миллионнан аслам адамның ҳақыйқый ўатаны болған дүньяның ең алдынғы мәмлекетлери тәрепинен де тән алынып келинбекте.
Россияның «Диви» кинокомпаниясы тәрепинен Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен биргеликте сүўретке алынған ҳәм «Өзбекстан. Жеңиске жол» халықаралық тарийхый-ҳүжжетли, көркем сериалын да мине усы тән алыўдың бир үлгиси, деп айтыў мүмкин. Бул ҳүжжетли фильм Өзбекстанның урыс жылларында мыңлаған эвакуация етилген адамлардың тәғдирине қосқан үлесине бағышланған. Ҳүжжетли фильмде Россия, Европа ҳәм Өзбекстанның жетекши актёрлары, тарийхшылар ҳәм дөретиўшилик топарлар қатнаспақта. Соның ишинде, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист Рустам Саъдуллаевты да көриў мүмкин. Ҳүжжетли-көркем сериал ҳәр бири бес минуттан ибарат 5 бөлимнен ибарат болып, Өзбекстанға эвакуация етиўдиң тийкарғы гуманитарлық ҳәм мәдений тәреплерин сәўлелендиреди.
Атап айтқанда:
- Екинши жер жүзилик урыс жылларында эвакуация етилгенлердиң Ташкентке келиўи;
- ҳәр түрли республикалардан жетим балаларды өз перзентиндей қабыл еткен өзбек шаңарақлары;
- Өзбек әскерлери ҳәм фронтшылардың мәртлиги;
Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы өз-ара жәрдем дәстүрлериниң даўамы сыпатында 1966-жылғы жер силкиниўден кейин Ташкент қаласын қайта қурыўдағы аўызбиршилик сыяқлы тәреплер қамтып алынған.
Ең аўыр ўақытларда Өзбекстанның кеңпейиллигин сәўлелендиретуғын бул фильм ҳәр биримиз ушын қандай елдиң перзенти екенимизди аңлаў ҳәм сезиниў ушын және бир имканият.
Еслетпе: Ҳәммемиз ушын мақтаныш сезимин билдиретуғын, қорқынышлы тарийхта Өзбекстанның ҳақыйқый мәртлигин және бир мәрте көрсететуғын бул фильмниң премьерасын жақында – 2025-жыл 8-майда «Россия Культура»да саат 18:15те, сондай-ақ, 9-май күни «Севимли» телеканалында саат 16:20 да өзбек тилинде тамаша етиў мүмкин.
Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы
орайы Мәлимлеме хызмети