Шығармалары ел арасында мәңги

Мәмлекетимиз бойлап Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов туўылғанының 96 жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илажлары болып өтпекте.
Нөкис қаласындағы И.Юсупов дөретиўшилик мектебинде, Шымбай районындағы «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан үй музейинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай филиалында да шайырдың туўылған күни мүнәсибети менен илажлар болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Даўлетназаров ҳәм басқалар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине тоқтап өтти.

Ибрайым Юсупов 1929-жылы Шымбай районының Азат аўылында туўылды. Балалығында Қарақалпақ халық аўыз-еки дөретиўшилик үлгилери, Шығыс әдебиятлары ҳәм классикалық әдебияттың ўәкиллери, студентлик жылларында болса рус ҳәм жәҳән әдебияты дүрданалары менен жақыннан танысып, олардың шығармаларындағы көркемлик сырларын қунт пенен үйренди.
Шайырдың “Бахыт лирикасы,” “Күншығыс жолаўшысына,” “Ойлар,” “Жети ықлым,” “Дала әрманлары,” “Кеўил кеўилден суў ишер,” “Тумарис,” “Илҳам,” “Тәшиўишлерге бай дүнья,” “Дузлы самаллар,” “Кеўилдеги кең дүнья,” “Беклигиңди бузба сен…,” “Ҳәр кимниң өз заманы бар” сыяқлы қосық топламлары басып шығарылды.

Оның еки томлық “Таңламалы шығармалар” топламлары еки мәрте 1978-1979 ҳәм 1992-жыллары басып шығарылған. Ҳәр қыйлы жылларда басып шығарылған топламларда шайырдың “Жолдас муғаллим,” “Акация гүллеген жерде,” “Актрисаның ығбалы,” “Гилемши ҳаял,” “Ески фонтан ертеги,” “Дала әрманлары,” “Тумарис,” “Бүлбил уясы,” “Периште ай,” “Посейдонның қәҳәри,” “Ўатан топырағы” ҳәм басқа дәстан (поема)лары жәрияланды. Оның шығармалары рус, грузин, қазақ, қырғыз, латыш сыяқлы көплеген шет тиллерине аўдарылды.
Илажда талантлы оқыўшылар, студент-жаслар тәрепинен нама- қосықлар атқарылды.
ӨзА