Мәплер соқлығысыўы коррупцияны келтирип шығарады

298

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында системада мәплер соқлығысыўының алдын алыўға қаратылған профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Онда басқарма басшылары, Әдиллик министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери ҳәм басқарманың жеке қурамы қатнасты.

Илажда Әдиллик уйымларының қәнигеси тәрепинен коррупциялық жағдайларға алып келиўши ең қәўипли қәўиплерден руўшыллық, жерлеслик, таныс-билислик сыяқлы көринислерде болатуғын мәплер соқлығысыўының алдын алыўдың әҳмийети атап өтилди.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир тараўда коррупцияға қарсы маўасасыз қатнастың қәлиплесиўинде мәплер соқлығысыўының алдын алыў айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында мәплер соқлығысыўын анықлаў ҳәм шешиўдиң тийкарғы мақсети бажыхана хызметкерлери тәрепинен лаўазым яки хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында мәплер соқлығысыўына алып келетуғын ямаса алып келиўи мүмкин болған жағдайларды сапластырыў ҳәм олар тәрепинен жеке мәпдарлыққа жол қоймаў болып есапланады.

Бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм қадағалаўында инсан факторын азайтып, бажыхана системасындағы коррупциялық жағдайлардың алдын алыўда системаның санластырылғанлығының дәрежеси де үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзирги ўақытта бажыхана уйымларының жумысында 35 мәлимлеме системасы, 15 интерактив хызмет ҳәм 11 мобиль қосымша енгизилип, тараўда коррупциялық жағдайларды келтирип шығарыўы мүмкин болған имканиятлардың барлығы нольге теңлестирилмекте.

Шөлкемлестирилип атырған бундай ушырасыўлардан гөзленген тийкарғы мақсет де хызметкерлер арасында дәмегөйлик, лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў ҳәм кимгедур “арқа сүйеў” арқалы өз хызмет ўәкиллигинен шетке шығыў жағдайларының алдын алыўдан ибарат.

Қарақалпақстан хабар агентлиги