Венада Өзбекстанның ядролық инфраструктурасы бойынша халықаралық мәсләҳәтлесиў мәжилиси басланды

292

Вена қаласындағы Халықаралық атом энергиясы агентлиги (ХАЭА) резиденциясында Өзбекстан Республикасының ядролық инфраструктурасын раўажландырыўға байланыслы Интеграцияласқан жумыс режеси (IWP) шеңберинде мәсләҳәтлесиў мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәжилисте ХАЭА тәрепиниң ўәкиллери ҳәм Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети баслығының орынбасары Сардор Ёқуббеков басшылығындағы делегация қатнаспақта.

Онда ХАЭАның Европа бойынша техникалық бирге ислесиў бөлиминиң директоры Еве-Кюлли Кала ханым ҳәм Өзбекстанның Венадағы турақлы ўәкили Бахтиёр Иброҳимов шығып сөйлеп, ушырасыўдың әҳмийети ҳәм биргеликте бирге ислесиў перспективалары ҳаққында сөз етти.

Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан тәрепинен мәмлекетте атом энергетикасы тараўын раўажландырыўға қаратылған миллий стратегия, әмелге асырылып атырған институционаллық реформалар ҳәм кадрлар потенциалын арттырыўға байланыслы Миллий ҳәрекетлер режеси бойынша презентация өткерилди.

Мәжилис қатнасыўшысы, Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитети мәлимлеме хызметиниң басшысы Бекзод Бердиевтиң ӨзАға мәлим етиўинше, презентация ўақтында нызамшылық базасы, жәмийешиликти хабардар етиў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары ҳаққында ҳәр тәреплеме мәлимлеме берилди.

– ХАЭА қәнигелери Өзбекстан менен әмелий бирге ислесиў бағдарларын буннан былай да тереңлестириў бойынша өз усынысларын билдирди. Соның ишинде, техникалық жәрдем, эксперт мәсләҳәтлери, таллаўлар ҳәм билимлендириў бағдарламаларын кеңейтиў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, 2022-2023-жылларда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери шығарылып, кейинги жыллардағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Соның менен бирге, кадрлар таярлаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ядролық айрықша жағдайларға таярлық көриў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда тәжирийбе алмасыўға келисип алынды. Бундай бирге ислесиў тәреплердиң бул бағдарда жақсы нәтийжелерге ерисиў имканиятын береди, – деди Б.Бердиев.

Мәжилис өз жумысын даўам еттирмекте.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА