Хирурглар дүньяда биринши мәрте көз арқалы омыртқадағы исикти алып таслады

336

Мериленд университети нейрохирурглары дүньяда биринши рет 19 жастағы наўқастың көз кесеси арқалы омыртқа бағанасындағы исикти алып таслап, медицинада жаңа жетискенликке еристи. Бул зергерликтиң анықлығын талап ететуғын қурамалы хирургиялық операция қурамалы исиклерди емлеўде жаңа имканиятлар есигин ашпақта.

Шыпакерлер бас сүйеги тийкарында арқа мийди қысып турған исикти анықлады. Дәстүрий усыллар (мойын, мурын ямаса аўыз арқалы) жуқпалы кеселликлер қәўпи ҳәм жаман көриниси себепли жүдә қәўетерли еди. Сонда шыпакерлер шеп көз кесеси арқалы кирип, «үшинши мурын тесиги» деп аталған инновациялық усылды қолланыўға қарар етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги