50 жыллық совет аппараты жерге қуламақта

1972-жылы Венераға ушырылған планеталар аралық космослық аппараты – «Космос-482» жақын күнлерде жерге қулап түсиўи күтилмекте. Бул ҳаққында BBC хабар берди. Қурылма техникалық насазлық себепли өз ўазыйпасын орынлай алмаған ҳәм орбитада қалып кеткен.
НАСА мағлыўматларына қарағанда, модуль Жер орбитасында 50 жылдан берли ҳәрекетленбекте. Оның аўырлығы 495 кг болып, жерге 8-14-май күнлери аралығында түсиўи болжанбақта. Анық түсиў орны белгисиз, бирақ итималлы аймақлар қатарына Египет, Сирия, Түркия ҳәм Әзербайжан киреди. Егер қурылма атмосферадан толық өтип түссе, ол саатына 242 км тезликте жерге урылады. Соққы күши 1,1-1,2 мегажоулди қурайды – бул жүзлеген грамм тротил жарылыў күшине тең.
«Космос-482» – «Венера-8» аппаратының резерв нусқасы болып, 1972-жылдың 31-мартында Байқоңыр космодромынан ушырылған еди. Тийкарғы аппарат табыслы түрде Венераға жетип барған, «Космос-482» болса орбитада қалған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги