Ишки ислер уйымлары системасы санлы трансформацияланады

337

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Ишки ислер уйымлары системасын санлы трансформациялаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында”ғы қарарға қол қойды.

Қарар менен ишки ислер уйымларының жумысында заманагөй санлы шешимлерди кеңнен енгизиў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде жасалма интеллект имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм тараўда бирден-бир технологиялық қатнасты қәлиплестириў белгиленди.

Ишки ислер уйымларының мәлимлеме инфраструктурасын бирден-бир системаға бирлестириў, криминоген жағдайларды таллаўды автоматластырыўға айрықша итибар қаратылды.

Ишки ислер уйымлары қурамында Санлы технологиялар ҳәм ҳуқықый статистика департаменти және оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға санлы шешимлерди енгизиў ҳәм муўапықластырыў, электрон мәмлекетлик хызметлерди жетилистириў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар жүкленди.

Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында сынақ тәризинде районлараралық санлы технологиялар бөлимлериниң жумысы жолға қойылады.

Трансформация процесслерин жеделлестириў мақсетинде Ишки ислер министрлиги жанында “Санлы жойбарлар офиси” шөлкемлестириледи ҳәм оған Санлы технологиялар министрлигиниң маман қәнигелери тартылады.

Сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында қәбилетли жаслар, IT -парк резидентлери менен биргеликте инновациялық программалық өнимлер ҳәм стартап жойбарларды ислеп шығыў жолға қойылады.

Ең әҳмийетлиси, қарарда халыққа электрон мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм композит тәризде усыныў арқалы қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша бир қатар тапсырмалар белгиленди.

Қарарда көрсетилген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы ишки ислер уйымларының нәтийжелилигин арттырыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде заманагөй шешимлерден пайдаланыў, пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди қолайлы ҳәм жедел көрсетиў және мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болады.

ӨзА