Шөлкемлестирилетуғын «Санлы жойбарлар офиси» қандай ўазыйпаны атқарады?

307

Хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ишки ислер уйымлары системасын санлы трансформациялаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, трансформация процесслерин жеделлестириў мақсетинде Ишки ислер министрлиги жанында «Санлы жойбарлар офиси» шөлкемлестириледи ҳәм оған Санлы технологиялар министрлигиниң тәжирийбели қәнигелери тартылады.

Сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында қәбилетли жаслар, IT-парк резидентлери менен биргеликте инновациялық программалық өнимлер ҳәм стартап жойбарларын ислеп шығыў жолға қойылады.

Ең әҳмийетлиси, қарарда халыққа электрон мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм композит түрде усыныў арқалы қосымша қолайлықлар жаратыў бойынша бир қатар тапсырмалар белгиленди.

ӨзА