Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар бойынша жуўапкершиликти күшейтиў бағдарында нызамшылыққа өзгерислер киргизиледи

299

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз беретуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын және де күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарар менен кибержынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм оларды ашыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм бир қатар шөлкемлестириў-техникалық илажларды көриў белгиленди.

Соның ишинде, кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында бирден-бир ислесиў әмелиятын жолға қойыўды нәзерде тутыўшы айрықша нызам жойбарын ислеп шығыў ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен киберқәўипсизлик талапларына әмел етпеў ушын, сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары тараўындағы барлық жынаятлар бойынша жуўапкершиликти күшейтиў бағдарында нызамшылыққа өзгерислер киргизиў тапсырылды.

Банклер, төлем системасының операторлары, төлем шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени нәтийжесинде жол қойылған кибержынаят ақыбетинде келип шыққан материаллық зыянды олардың есабынан өндириў тәртибин енгизиў белгиленди.

Соның менен бирге, буннан кейин кибержынаятты ислеўде өз атындағы банк картасынан, банк есап бети, электрон қалтасынан ҳәм басқа шахсына тийисли мағлыўматлардан (SIM картасы, электрон аккаунты) пайдаланыўға жол қойған шахслар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары орнатылады.

Кибержынаятлардың алдын алыў бағдарында мәлимлеме системасындағы нәзик жерлер ҳәм кемшиликлер нәтийжесинде кибержынаят жүз бериўине жол қойған банклер ҳәм төлем шөлкемлери дизимин халыққа жәриялаў ҳәм халықтың ақшалай қаржыларын тартыўға қаратылған онлайн алдаўшылық схемалары («қаржы пирамидасы»)н ерте анықлаў әмелияты жолға қойылады.

Сондай-ақ, қарар менен шахслардың банк карталарындағы пуллары талан-атараж етилиўин тоқтатыў мақсетинде банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлерине заманагөй антифрод ҳәм антивирус қорғаў системаларын енгизиў ҳәм алдаўшылар тәрепинен тараўға санлар арқалы пуқараларға қоңыраў етиўин техникалық (имкансыз етиў) шеклеў сыяқлы илажлар белгиленди.

Усы жылдан баслап, ҳәр жылы бир ай даўамында «Кибермәдениятты жоқарылатыў айлығы» комплексли үгит-нәсият айлығын өткериў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын тараўға байланыслы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен жедел түрде алып барыў арқалы халықтың санлы иммунитети ҳәм сергеклигин арттырыўдың турақлы системасы жолға қойылады.

Қарарға муўапық кибержынаятларды ашыў бағдарында Орайлық банк, төлем системасы ҳәм ишки ислер ўәкиллеринен ибарат оператив ҳәрекетлениў топары жумысы жолға қойылады ҳәм бул топар тәрепинен гүманлы ақша өткериў әмелиятларына байланыслы банк карталарын оперативлик пенен анықлаў ҳәм блоклаў сыяқлы илажлар көрип барылады.

Оның нәтийжесинде, кибержынаят арқалы жынаятшылар тәрепинен  өзлестирилген пулларды республика аймағынан шығып кетиўиниң алдын алыў ҳәм жәбирлениўшиге қайтарыў имканияты тәмийинленеди.

Усылардың қатарында, қарар менен кибержынаятларды тергеў ҳәм ашыў жумысының сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде усы процессте нызамшылық орынланыўы үстинен прокурорлық қадағалаў ҳәм илимий изертлеў жумысы жолға қойылады.

Буннан тысқары, кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тараўдағы хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў бойынша илажлар белгиленди.

Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң пуқаралардың кибержынаятлардан жәбирленип қалыўының алдын алыў ҳәм олардың финанслық қәўипсизлигин беккемлеў бойынша жуўапкершилигиниң артыўына хызмет етеди.

ӨзА