Елши: Чехия ЕАның Өзбекстандағы жойбарларына қызығыўшылық билдирмекте

Чехияның Өзбекстандағы елшиси Любомир Фреборт чех компанияларының Орайлық Азияда турақлы инфраструктура басламаларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған Европа Аўқамы инвестиция стратегиясы – «Global Gateway» шеңберинде қаржыландырылатуғын жойбарларда қатнасыў имканияты дыққат пенен үйренилип атырғанын айтты.
– Санлы жалғаныў, транспорт, әҳмийетли шийки зат, сондай-ақ, суў, энергетика ҳәм климат сыяқлы тараўларға тоқталмақшыман,-дейди дипломат. – Чехия Өзбекстанның стратегиялық пайдалы қазылмалары, соның ишинде, уран ҳәм мысқа бай кәнлерине айрықша қызығыўшылық билдирмекте. Бул үстинлик Европа тәмийнат шынжырын диверсификациялаў, атап айтқанда,Чехия санааты турақлылығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў ушын зәрүр болған әҳмийетли шийки зат ҳәм басқа да ресурслар жеткерип беретуғын исенимли дәреклер табыў режесине сәйкес. 2023-жыл еки мәмлекет биргеликтеги жумысшы топар дүзиў арқалы таў-кән ҳәм геология тараўларында бирге ислесиўди системаластырыўға келисип алған. Оның есабынан чех компаниялары бул ресурсларды қазып алыў ҳәм қайта ислеўди қоллап-қуўатлаў ушын алдыңғы кән технологиялары менен үскенелерин усыныс етпекте. Усы жылдың басында Чехияның кәншилик ҳәм геология тараўындағы жетекши компания ҳәм мәкемелеринен ибарат делегация бирге ислесиў имканиятын орнында үйрениў мақсетинде Өзбекстанға келди. Миссия даўамында министрлик жуўапкерлери менен тийкарғы бағдарларды додалағанбыз. Улыўма, Европа Аўқамы, атап айтқанда, Чехия менен бирге ислесиў барлық тәреплер ушын пайдалы формат. Бизиң компаниялар тең ҳуқықлы шериклик орнатыўға таяр.
Любомир Фреборт транспорт тараўына тоқтап өтип, темир жол тараўындағы бирге ислесиўи мәмлекетлер арасындағы экономикалық қатнаста дәстүрий бағдар екенин атап өтти:
– Ҳәзир биз усы тараўда әмелге асырылыўы керек болған бир ири жойбар үстинде жумыс алып бармақтамыз. Буннан тысқары чех компаниялары Самарқандтағы трамвай, Үргенштеги троллейбус паркин кеңейтиў ҳәм модернизациялаў, Ташкент метрополитени системасын жетилистириў нәзерде тутылған шәртнамалар дүзиў, аэропортлар ҳәм ҳаўа ҳәрекетин басқарыў менен байланыслы инфраструктураны раўажландырыўға үлес қосыўдан мәпдар. «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясына Чехияда ислеп шығарылған Л-410 самолётлары жеткерип берилмекте, рекреациялық пәрўаз ҳәм парашют спорты ушын мөлшерленген киши жеке меншик самолётларға қәнигелескен ислеп шығарыўшымыз да шерикликке қызығыўшылық билдирген.
– Киятырған жаз мәўсиминде Ташкент пенен Прага ҳәм Карлови Вари арасындағы авиарейслер қайта жолға қойылғанынан қуўанышлымыз. Бул мәмлекетлеримиздиң экономикалық ҳәм мәдений байланысларын және де беккемлейди. Чехия компаниясы Өзбекстан метрология ҳәм стандартластырыў лабораторияларын Европа стандарты тийкарында модернизациялаўда қатнасады. Бул ЕА аймағына хызмет экспорт етиўши болған компаниялар ушын жүдә пайдалы болып, бул процессте стандарттың анықлығы ҳәм муўапықлығы үлкен әҳмийетке ийе.
Чехия Метрология институты тийисли қәнигелик арттырыў бағдарламаларына тартылған. Соның ишинде, өзбекстанлы қәнигелер Чехия Республикасында техникалық көнликпени тереңлестириў мақсетинде оқытылмақта. «CzechInvest» компаниясы болса сырт ел инвесторларын ҳәм экспортшыларды қоллап-қуўатлаў, Өзбекстанды Европа базарына жақынластырыўға жәрдемлесиўши кең көлемли хызметлер усыныс етеди.
Елшиниң сөзлерине бола, Чехия жүдә көп тараўлар бойынша бирге ислесиўдиң үлкен перспективасын көрмекте. Кәншилик, транспорт, суў хожалығы, қала инфраструктурасын раўажландырыў, ақыллы қала шешими, медицина технологиясы, азық-аўқат санааты ҳәм қорғаныў усылардың қатарына киреди.
Жуўмақлап айтқанда, Чехияның экспортқа қаратылған кәрханалары усы бағдарлардың ҳәр биринде жаңа, өз-ара пайдалы шериклик орнатыўға умтылмақта.
Мәмлекетимиз экономикасын модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў даўам етип, Чехия усы трансформация процесинде узақ мүддетли шерик болыўға таяр екенлигин тастыйықлаған.
Муҳаррама Пирматова таярлады. ӨзА