«Work and travel» бағдарламаларында қатнасыўшы студентлер ушын ссуда ажыратылады

342

Ҳүкимет қарары менен 2025-жыл 15-майдан «Work and travel» халықаралық бағдарламалары шеңберинде ислеў ҳәм саяхат етиў ушын сырт мәмлекетлерге барыў ҳәм келиў ҳәм басқа да қәрежетлерди қаплаў мақсетинде студент-жасларға ссуда ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Бул мәмлекетлерге Европа Аўқамы мәмлекетлери, Қубла Корея, Япония, Уллы Британия, АҚШ, Канада, Австралия, Жаңа Зеландия киргизилген.

Ҳәр жылы 2 000 ға шекем студент жасларға БЕМниң 40 есеси (15 млн) муғдарында ссуда ажыратылады.

Ссуда ажыратыў ҳаққындағы арзалар мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса БИМХП (my.gov.uz) арқалы қабыл етиледи.

Студент ажыратылған ссуданы сырт елден келгенинен соң 1 ай мүддетте қайтарыў миннетлемесин алады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги