РФ түнде Украина аспанын «жақтыландырды»

322

Украина Қураллы күшлериниң мағлыўматына бола, Россия екшембиге өтетуғын түнде мәмлекетке 165 дрон менен ҳүжим шөлкемлестирген. Ақыбетинде Киев қаласында он бир адам, соның ишинде еки бала жарақатланған.

«Euronews» соққы пайтахттың үш районы – Оболонский, Святошинский ҳәм Шевченковскийге тәсир еткенин жазған.

Украина әскерлери Шаҳид маркалы ушыўшысыз самолётлардың 69 ы урып түсирилгени, 80 и радардан шығып кеткенин мәлим еткен.

Мусулмон Зиё, ӨзА