Заманагөй кардиология: профилактикадан жоқары технологияларға қарай әҳмийетли қәдем

242

Ташкент қаласында ШБШ мәмлекетлери II Медициналық конгресси ҳәм Өзбекстан кардиологларының дәстүрий жыллық конференциясы болып өтти.

«Заманагөй кардиология: профилактикадан жоқары технологияларға шекем» темасы шеңберинде өткерилген Конгресс ШБШға ағза мәмлекетлер ҳәм басқа да мәмлекетлерден жетекши кардиологлар, кардиохирурглар, илимпазлар, ҳүкимет ҳәм бизнес ўәкиллерин бирлестирген ең ири халықаралық платформаға айланды.

Илаж шеңберинде пленар мәжилислер, халықаралық симпозиумлар, шеберлик сабақлары ҳәм жас қәнигелер ушын жас илимпазлар таңлаўы өткерилди. Жүрек-қан тамыр кеселликлерин анықлаў ҳәм емлеўдеги инновациялар, санлы технологиялар, медициналық туризм ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Кардиохирургия ҳәм интервенцион кардиологиядағы инновациялар, медицинада жасалма интеллект ҳәм генетика, медициналық билимлендириўди раўажландырыў, илимий жойбарлар ҳәм трансшегаралық бирге ислесиў сыяқлы темалар көрип шығылды. Бул бағдарда белгили кардиолог, академик ҳәм профессорлардың баянатлары тыңланды.

Атап айтқанда, абырайлы илаж шөлкемлестириўшилеринен бири Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының директоры, медицина илимлериниң докторы Хуршид Фозилов шығып сөйлеп, бәринен бурын мийманларды елимизге сапары менен қызғын қутлықлады. Бул илаж кардиология тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, тараўға заманагөй, инновациялық технологияларды енгизиў бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасыўда әҳмийетли халықаралық платформа екенин атап өтти.

Илаж даўамында профилактикалық илажларды жетилистириў, жоқары технологиялар, жасалма интеллект ҳәм генетика имканиятларын клиникалық әмелиятқа енгизиў мәселелери додаланды. Соның менен бирге, медициналық билимлендириўди раўажландырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.

ЎзА