Кредит бойынша қарыздарлықты мүлкке қаратыў мүмкин бе?

2025-жыл 22-апрельде «Кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасы және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам күшке кирди.
Нызамда нелер нәзерде тутылған? Бул сораўға Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң баслығы Эркин Гадоев жуўап берди:
– Нызам менен өндириўди гиреўдеги затқа суд тәртибинде ҳәм судтан тысқары тәртипте қаратыў, гиреўге алыўшының гиреўдеги затқа болған ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеўдеги машқалалар ҳәм нызам ҳүжжетлериндеги келиспеўшиликлер сапластырылды.

Пуқаралық кодекси ҳәм «Гиреў ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизилди. Оған бола, гиреў менен тәмийинленген миннетлемениң қарыздар тәрепинен төленбеген суммасы гиреў баҳасының он бес процентинен азды қураса ҳәм гиреў менен тәмийинленген миннетлеме орынланыўының кешиктирилиўи үзликсиз үш айдан аз болса, гиреў менен тәмийинленген миннетлемениң бузылыўы жүдә арзымаған деп есапланады.
Гиреў менен тәмийинленген миннетлемениң қарыздар тәрепинен бузылыўы жүдә арзымаған болса ҳәм сол себепли гиреўге алыўшының талапларының муғдары гиреўге қойылған мүлктиң баҳасына анық сәйкес келмесе, өндириўди гиреўге қойылған мүлкке қаратыў бийкар етилиўи мүмкин.
Гиреўге қойылған мүлктиң ким зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы гиреўге қойыўшы ҳәм гиреўге алыўшы арасындағы келисим тийкарында, олар арасында келиспеўшилик болған жағдайда болса, бийғәрез баҳалаўшы шөлкемди тартқан ҳалда базар баҳасынан келип шығып белгиленеди.
Гиреў заты есапланған мүлк гиреў бериўшиден жынаят ямаса басқа ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын нызамда белгиленген тәртипте алып қойылғанда, гиреўге алыўшыда өз талапларын усы мүлк есабынан үстин түрде қанаатландырыў ҳуқықы сақлап қалынды.
«Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы нызамға гиреўге қойылған мүлк пенен тәмийинленген миннетлемелерди орынлаўда өндириў усы мүлкке қаратылған жағдайда, гиреўге қойылған мүлктиң аукцион саўдасы басланатуғын басланғыш реализациялаў баҳасы суд қарары менен белгиленетуғыны бойынша норма киргизилди.
«Ипотека ҳаққында»ғы нызамға киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға муўапық, төлемлерди төлеў мүддетлери турақлы түрде он еки ай даўамында үзликсиз үш айдан артық бузылған жағдайда өндириў гиреўге қойылған мүлкке қаратылады.
Н.Абдураимова, ӨзА