«Шылпық» археологиялық естелигине байланыслы хабарларға Мәдений мийрас агентлиги рәсмий мүнәсибет билдирди

Социаллық тармақларда «Шылпық археологиялық естелиги мәдений мийрас басқармасына қаншелли қәдирли? Қарақалпақстан халқына не?» деген атама астында билдирилген пикирлер бойынша Мәдений мийрас агентлиги рәсмий түсиник берди.
Агентликтиң хабарына бола, Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья районында жайласқан «Шылпық» археологиялық естелиги Өзбекстан Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-октябрьдеги 846-санлы қарары менен миллий мәдений мийрас объектлери дизимине киргизилген ҳәм мәмлекет қорғаўына алынған.
Ҳәзирги күнде «Шылпық» – Қарақалпақстанның ең белгили тарийхый естеликлеринен бири болып, республика мәмлекетлик гербинде де сүўретленген. Жергиликли ҳәм сырт ел туристлери арасында кең итибарға ийе болған бул естеликке келиўшилер саны жылдан-жылға артып бармақта. Естеликке алып барыўшы жоллар инфраструктурасы жақсыланған, текше қурылып, келиўшилерге қолайлықлар жаратылған.
«Шылпық» биринши мәрте 1940-жылы СССР Илимлер Академиясының Хорезм илимий-археологиялық экспедициясы тәрепинен, Сергей Толстов ҳәм Яҳё Ғуломов басшылығында үйренилген. Айланба түриндеги бул әййемги имарат қалың пақса дийўал менен оралған болып, кириў ушын арнаўлы ашық жол қалдырылған. Жергиликли халық бул жердиң пайда болыўын ҳәр қыйлы әпсаналар менен байланыстырады.
2025-жылдың 4-6-апрель күнлери болып өткен Арал мәденият саммити шеңберинде «Шылпық» естелиги фонында ашық аспан астында үлкен концерт өткерилди. Бул илаж оның тарийхый ҳәм мәдений әҳмийетин және бир мәрте көрсетти.
«Шылпық» ҳәзирги күнде тек ғана археологлар емес, ал тарийх, мәденият ҳәм көркем өнер ықласбентлери ушын да бийбаҳа мийрас болып есапланады.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА