«Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жәрияланды

276

Дыққат, дағаза!

Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте миллий ҳәм халықаралық журналистиканың ең жоқары жетискенликлерин кеңнен ен жайдырыў, Жаңа Өзбекстан руўхына сәйкес жаңаша ақыл-ой тәризин қәлиплестириў, миллий контентти байытыў, елимизде инсан қәдирин улығлаў, адамлардың сана-сезимин жоқарылатыў, жәмийетимизде ашық-айдынлық орталығын беккемлеў, ҒХҚ хызметкерлери пуқаралық позицияларын көрсетиўи ушын шараят жаратыў ҳәм  журналистлерде сын-аналитикалық пикирлеўди ҳәм дөретиўшилик жумысқа жаңаша қатнасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўын жәриялайды.

Тийкарғы сыйлықлар

1 Бас миллий сыйлық

Телевидений бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық

(1-, 2-,3-орынлары);

Радио бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);

Баспа басылымлары бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-, 3-орынлар);

Интернет басылымлары бағдары бойынша:

Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (1-, 2-,3-орынлар).

Сырт елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын – 1 биринши орын, 4 екинши орын (ТВ, радио, басылым ҳәм интернет басылымлары бағдарлары бойынша).

Сондай-ақ, 12 хошаметлеўши номинация енгизиледи. Таңлаўдың хошаметлеўши номинациялары бойынша қосымша дағаза бериледи.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине:

Таңлаў Бас миллий сыйлық ийесине арнаўлы диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм жеңил автомобиль салтанатлы түрде тапсырылады.

Биринши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 200 есеси муғдарында;

Екинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 175 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;

Үшинши орынды алған жеңимпазлар диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 150 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен;

Таңлаўдың хошаметлеўши номинацияларының жеңимпазлары диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Таңлаўда ҳәр бир қатнасыўшының 2024-жыл 30-апрельден 2025-жыл 30-апрельге шекемги баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге жиберилген 5 еўден 7 еўге шекемги материаллары көрип шығылады. Егер дөретиўшилик жәмәәт – газета редакциясы таңлаўда қатнасатуғын болса, газетаның 5 еўден 7 еўге шекемги санын, теле ямаса радиоканал жәмәәти таңлаўда қатнасатуғын болса, 5 еўден 7 еўге шекемги ең жақсы көрсетиў ямаса ең жақсы еситтириўдиң электрон варианты (ямаса силтемеси) қосымша етиледи.

«2024-жылы басып шығарылған публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын хошаметлеўши номинациясы бойынша таңлаўда қатнасыў тилегинде болғанлар Өзбекстан Журналистлер Аўқамына китабынан бир дана усынады.

Таңлаўға усынылатуғын дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер де қосымша етиледи:

автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққындағы қысқаша мағлыўмат (объективка);

– автордың паспорт ямаса ID-карта нусқасы, телефон номери.

– жәмәәтлик қатнасыўшы ҒХҚның дизимнен өткерилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық нусқасы ҳәм шөлкем басшысының паспорт ямаса ID-карта нусқасы;

Таңлаўға дөретиўшилик жумыслар Өзбекстан Журналистлер аўқамы ҳәм оның аймақлық бөлимлери, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги жәрдеминде мәмлекетимиздиң сырт еллердеги ўәкилханалары арқалы, сондай-ақ, авторлардан тиккелей электрон түрде таңлаў баспасөзде жәрияланған күннен баслап усы жылдың 25-майына шекем қабыл етиледи.

Дөретиўшилик жумысларды Өзбекстан Журналистлер аўқамының 99-466-10-25 номерине ашылған (O‘zbekiston Jurnalistlar uyushmasi) Телеграм мәнзилге төмендегише жибериў соралады:

– баспасөз бағдары бойынша дөретиўшилик жумыслар газета ямаса журналда жәрияланған материаллардың нусқасы (pdf формада);

– интернет басылымлары бойынша материаллардың силтемеси көрсетилген ҳалда;

– телевидение бойынша видематериаллар (3 минуттан 30 минутқа шекем Телеграм түрде (аннотациясы, қысқаша мазмуны менен);

– радио бағдары бойынша аудиоматериаллар (3 минуттан 30 минутқа шекем аннотациясы, қысқаша мазмуны менен);

– хошаметлеўши номинация – фотожурналистика бойынша дөретиўшилик жумыслар (JPEG, TIFF ҳәм PNG түрде аннотациясы, қысқаша мазмуны баянаты менен).

Быйылдан баслап «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамына бағышлап шөлкемлестириледи.

Таңлаў жеңимпазлары усы сәне мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам илажында салтанатлы түрде сыйлықланады.

ӨзА