Япония – Қытай: ески өшпенлик

327

Япония ҳәм ҚХР бирин-бири Шығыс Қытай теңизи атаўлары әтирапындағы ҳаўа аймағын бузыўда айыплады, деп жазған CNN.

Күншығыс мәмлекети Сыртқы ислер министрлигиниң билдириўинде Қытай вертолётының Токио жанындағы Сенкаку атаўы әтирапында шама менен 15 минут даўам еткен пәрўазы «Япония ҳаўа аймағына бастырып кириў» сыпатында баҳаланған ҳәм ҚХР ҳүкимети зәрүр илажлар көриўге шақырылған.

Өз гезегинде Қытай да япон пуқаралық самолёты атаў әтирапындағы ҳаўа аймағын бузғаны ҳәм мәмлекет суверенитетине қатаң қәўип салғаны ушын Токиоға наразылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги