Google Play миллионлаған қосымшаларды алып таслады

TechCrunchтиң мағлыўматларына бола, Google Playдағы қосымшалар саны 3,4 миллионнан 1,8 миллионға шекем азайған. Бул болса дүкандағы программалар каталогы дерлик ярымына – 47 процентке қысқарғанын аңлатады.Солай болса да, қәнигелер бул өзгерислер мобиль қосымшалар базарына унамсыз тәсир етпейтуғынын атап өтпекте. Салыстырыў ушын, тап усы дәўирде Apple’диң App Store платформасында қосымшалар саны бираз артып, 1,6 миллионнан 1,64 миллионға жеткен.
Google бул өзгерислерге унамлы баҳа бермекте. Пайдаланыўшылар енди алдаўшы қосымшалар, спамлар ҳәм төмен сапалы программаларға аз дус келмекте. Ҳүжданлы программистлер ушын болса бәсеки бир қанша саламат ҳәм әдалатлы түрге енген. Алдынлары Google Play‘да қосымшаларды жайластырыўда қатаң тексериў болмаған, бул болса көплеген сапасыз бағдарламалардың дүканға кирип келиўине себеп болған еди. Apple болса, керисинше, бәрқулла қатаң қадағалаўға сүйенип келген.
2024-жыл июль айынан баслап Google қосымшалар сапасына қойылатуғын талапларды күшейтти. Енди тек ғана насаз программалар емес, ал толық ислемейтуғын ямаса жетерли функцияға ийе болмаған жойбарлар да платформаға қабыл етилмейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги