IT тараўы хызметкерлери шахматта күш сынасты

347

Елимизде шахмат ойыны кирип бармаған мәҳәлле, кәрхана ямаса оқыў орны болмаса керек.

Итибарлы тәрепи, “ақыл гимнастикасы” жаңа телекоммуникациялар дәўириниң жетекши системасы болған IT тараўын да өзине қарата алды.

Бул, жақында IT тараўы қәнигелери арасында шахмат бойынша өткерилген турнир процесинде де айқын көзге тасланды.

Турнирде IT Park компаниялары ҳәм Санлы технологиялар министрлиги системасындағы шөлкемлерден 59 команда, сондай-ақ, 118 шахмат ышқыпазлары қатнасты.

Санлы технологиялар министрлиги, IT Park және Халықаралық шахмат академиясы менен биргеликте өткерилген турнирдиң жеке беллесиўлеринде Сирожиддин Машарипов, Жаҳонгир Анасов ҳәм  Саидбек Қадамбоев сыйлы орынларды ийелеген болса, командалық нәтийжелерге бола, “TATU”, “RPG Team” ҳәм “Beeline” командалары жетекшиликке еристи.

Т.Рўзиев, ӨзА