Хорезмди және де раўажландырыў ҳәм әййемги даңқын қайта тиклеў бойынша үлкен режелер белгиленди

235

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, жаңа перспективалы режелерди белгилеў мақсетинде 1-2-май күнлери Хорезм ўәлаятында болды.

2-май күни Үргенш районында Хорезм ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм даңқлы тарийхымыз бенен жаңа реформалар тутасқан кесилиспе екенин атап өтти.

Логистика шынжырынан узақта, тәбийғый ресурслары шекленген бул үлкеде өткен жылды «киши ҳәм орта бизнес жылы» болды, деп айтыў мүмкин. 2024-жылы ўәлаятта 7 мың жаңа исбилермен жумыс баслаған, 47 кәрхана кишиден ортаға өткен. 1 мың 700 кәрхананың жумысы тикленген. Булардың нәтийжесинде ўәлаятта бир жыл ишинде 290 мың халық жумыслы болған.

Бирақ алдында әҳмийетли мәселелер көп. Ўәлаятта кәмбағаллық дәрежеси еле де 12 процент әтирапында, 45 мың пуқара жумыссыз. Сол ушын ҳәкимлер ҳәм орынбасарлар ҳәр бир имканиятты жойбарға айландырып, жаңа жумыс орынларын жаратыў, санаат, сервис, туризм, аўыл хожалығы, экспорт потенциалын буннан былай да арттырыў зәрүрлиги айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўлардағы имканиятлар ҳәм оларды иске қосыў илажларын көрсетип өтти.

Мәселен, елимизде туризм экспортының потенциалы 10 миллиард доллар болса, соның 2 миллиард доллары Хорезмге туўра келеди. Тилекке қарсы, бул толық иске қосылмай атыр.

Ўәлаят бойынша жәми 263 мәдений мийрас естелиги бар. Исбилерменлер менен биргеликте олар туристлик орынға айландырылса, қосымша дәрамат ҳәм жумыс орынлары болады. Сондай-ақ, сырт елден тәжирийбели археологларды тартып, тарийхый орынларды анықлаў ҳәм тиклеўге қаржы ажыратылады.

Хорезмде 40 тан аслам өнерментшилик бағдарлары раўажланған болып, туристлер өним таярлаў процесине де қызығады.

Туризмде аўқатланыў орынлары оғада әҳмийетли. Президентимиз миллий тағамларымызды сырт еллерде үгит-нәсиятлап атырған рестораншыларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлигин атап өтти. Сырт елде өзбек ресторанларын шөлкемлестириўде дизимнен өтиў, руқсатнама ҳәм жумыс жүргизиў менен байланыслы қәрежетлердиң бир бөлеги қаплап берилиўи мүмкин.

Мийман орынлары ҳәм транспорт қатнаўларын көбейтиў, жаңа кеўилашар ҳәм тематикалық орынларды қурыў, гид ҳәм официантлар таярлаў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Улыўма, быйыл жәми 200 миллион долларлық 91 жойбарды орынлаў, туризм ҳәм хызметлер тараўында 100 мың жумыс орнын ашыў ўазыйпасы қойылды. 2 миллион сырт ел ҳәм 10 миллион жергиликли туристти тартып, туризм экспортын 700 миллион доллардан арттырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Экономика тараўында да имканият көп. Быйыл Хорезмде кеминде 6 процент экономикалық өсиўди тәмийинлеп, жалпы аймақлық өнимди 60 триллион сумнан арттырыў нәзерде тутылған. 265 мың халықты бәнт етип, 104 мың адамды кәмбағаллықтан алып шығыў мөлшерленген.

Мәселен, меншиклестириў бағдарламасына тийкарланып 2025-жылы ўәлаятта 41 мәмлекетлик имарат, 350 гектар жер участкасы саўдаға қойылмақта. Бул хызмет көрсетиў, туризм ҳәм өндирис тараўлары ушын үлкен имканият.

Соңғы сегиз жылда Хорезмде мебель санааты 3 есеге өсти. Ханқадағы 10 гектар жерде мебель ислеп шығарыў зонасы шөлкемлестирилди. Бул тармақты және де раўажландырыў ушын сырт елден дизайнер, маркетолог, инженер-технолог алып келинеди. Елимизде бул тараўға қосымша түртки бериў ушын арнаўлы бағдарлама таярлаў тапсырмасы берилди.

Ҳәзирги дүньядағы қыйын шараятта инновация ҳәм инвестиция тартқан мәмлекет утып атыр. Бул бағдарда Хорезмде де режелер үлкен. Соның ишинде, быйыл 900 миллион долларлық 12 ири, 480 аймақлық жойбар иске қосылады. 65 түрдеги өним, 5 түрдеги үскене ислеп шығарылып, локализациялаў көлеми 1,7 триллион сумға жеткериледи. 1,5 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, 510 миллион долларлық экспорт етиледи.

Мәселен, Қўшкўпир районындағы 175 гектарда «Өзбекстан – Қытай технопарки» шөлкемлестирилмекте. Ол жерде 1 миллиард долларлық 16 инвестициялық жойбар болады.

Топыраққалада 10 миллиард долларлық газ-химия комплексиниң биринши басқышы басланады. Онда жылына 2 миллион тонна 14 түрдеги жоқары қосымша қунлы базалық полимер өнимлери ислеп шығарылады.

Хорезмде 663 қурылыс материаллары кәрханасы болып, ўәлаяттың драйвер тармақларынан бирине айланды. Енди олардың өнимлериниң сатылыўы финанслық илажлар арқалы қоллап-қуўатланады. Тармақта 100 миллион долларлық және 40 жойбар басланады.

Словакия компаниясы тәрепинен Топыраққала районында 170 миллион доллар есабынан рапс өсимлигин жетистириў ҳәм оннан биоетанол ислеп шығарыў жолға қойылады.

Аўыл хожалығы тармақларында 60 миллион долларлық 56 жойбар иске қосылады. 3 мың 400 гектар жер қайта пайдаланыўға киргизиледи. 1 мың 200 гектар санаатласқан мийўели бағлар шөлкемлестириледи.

Австрияның «Бауэр» компаниясы менен Хорезмде 7,5 мың гектарда жаўынлатып суўғарыўды енгизиў режелестирилген. Онда фермерлерге усындай техникалар таяр орнатылып, лизинг тийкарында сумда жыллық 2,5 процент ставкада 10 жыл мүддетке бериледи.

Хорезмли фермерлер өзине түсер баҳаны түсириў ушын изленип, тракторға заманагөй «автопилот» орнатқан. Нәтийжеде шигит толық анықлықта егиледи, сапа артады. Бул басламаны қоллап-қуўатлаўға жеңилликли кредит берилетуғыны атап өтилди.

Ўәлаятта егислик жерге суў шығарыў аңсат емес. Республикадағы насослардың 21 проценти усы жерде жайласқан. Оларға қуяш панелин орнатып, электр қәрежетин үнемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Балықшылықты раўажландырыў, сүтти қайта ислеў, атызларда қосымша өнимлер жетистириў илажлары белгиленди.

Халықтың абаданлығын арттырыў мақсетинде дөретиўшилик жумыслары да режелестирилген. Соның ишинде, быйыл 7 мың квартиралы 200 көп қабатлы турақ жай қурылады, 1,5 мың километр жол ҳәм 20 көпир оңланады. Бул тараўда 20 мың халық жумыс пенен тәмийинленеди.

Социаллық тараўларды раўажландырыў ўазыйпалары да көрсетип өтилди. Медицина мәкемелери ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятларды көбейтип, халықты саламатландырыў, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлерин дуал билимлендириўге қамтып алыў, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте белгиленген илажларды орынлаў режелери бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Хорезмдеги «Үргенш кластер»диң жаңа кәрханаларының жумысы менен танысты.

Кластердиң шөлкемлестирилгенине бес жыл болған. Бүгин ол пахта шийки затын жетистириўден баслап таяр кийим-кеншек тигиўге шекемги барлық процесслерди қамтып алған тутас «шынжыр». Оның системасында 3 мың адам жумыс пенен тәмийинленген.

Исбилермен 8 мың 500 гектар майданда жетистирилген пахтаны 100 процент қайта ислейди. Буның ушын пахта тазалаў ҳәм май заводлары бар.

Усы күнлерде кластердиң жип ийириў ҳәм гезлеме тоқыў қуўатлылығы артты. Қосымша инвестиция есабынан және еки кәрхананың жумысы жолға қойылды. Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды.

Кәрханада оқыў-тәжирийбе орайы шөлкемлестирилген. Тигиўши ҳәм дизайнер-қәнигелер дәслеп усы жерде оқытылып, кейин жумысқа жибериледи.

Булардың нәтийжесинде өндирис көлеми сезилерли дәрежеде артты. Жылына 10 мың 800 тонна әтирапында ийирилген жип ҳәм 3 миллион дана тигиўшилик өнимлерин таярлаў қуўатлылығы жаратылды.

Президент Шавкат Мирзиёев жаңа фабрикаларда болып, жумыс процесин, таяр өнимлерди көзден өткерди. Тигиўши ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Олардың айлық мийнет ҳақылары, мийнет шараятлары менен қызықты.

Бул жерде таярланып атырған жоқары сапалы кийим-кеншеклердиң үлкен бөлеги экспортқа бағдарланады. Кәрхананың жыллық экспорт потенциалы 28 миллион доллар әтирапында.

Өнимлердиң түри ҳәм сапасын көбейтип, экспорт көлемин кеңейтиў, энергияны үнемлеў арқалы өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў бойынша усыныслар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Үргенш қаласында қурылған Кәсиплик көнликпелер регионаллық орайын барып көрди.

Комплекс Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги – KOICAның 9 миллион долларлық грант қаржылары есабынан қурылған. Заманагөй кәсиплер ушын зәрүр үскенелер, симуляциялық үскенелер алып келинип орнатылған. Бул жерде автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў, кепсерлеў, жүк көтериў машинистлиги, электрон ҳәм турмыслық техника оңлаў, мебель қурылысы, шаштәрезлик ҳәм косметология, мобилография ҳәм мийманхана хызметлери көрсетиледи.

– Үргенш аэропортын Инчон аэропорты менен шерикликте дүнья дәрежесине алып шығамыз. Үлкен туризм орайлары, мийманханалар қурып атырмыз. Енди сырт елли туристлердиң көп келиўи ушын хызмет те халықаралық дәрежеде болыўы керек. Олар тарийхымыз, тәбиятымыз ушын келеди, сервис жақсы болса, қуўанып кетеди. Бунда көп нәрсе хызмет көрсетиўшилердиң мүнәсибети, этикасы, дәрежесине байланыслы. Соның ушын бул имканияттан пайдаланып, кәсипти жақсы үйрениң. Келешекте өзиңиз де исбилермен болыўға ҳәрекет етиң, – деди Шавкат Мирзиёев.

Орайда Миграция агентлиги және Кореяның Hyundai ҳәм Германияның SBH West пенен биргеликте электромобильлерге хызмет көрсетиў қәнигелиги де жолға қойылған. Бул болса ишки ҳәм сыртқы мийнет базарының талапларына сәйкес кадрлар жетистириў имканиятын береди.

Халықаралық бирге ислесиў кең жолға қойылған. Усы жылдың январь айында орайдың басқарыў хызметкерлери Корея Республикасында 2 ҳәптелик оқыў курсларын тамамлап қайтқан. Ҳәзирги ўақытта болса бул мәмлекетте 20 дан аслам оқытыўшы ҳәм устазлар тәжирийбе арттырмақта.

Мәмлекетимиз басшысы маман кәсиплик таярлаўды санаатластырыў, улыўма, мәмлекеттиң раўажланыўының тийкары екени атап өтилди. Әмелият үскенелеринен нәтийжели пайдаланыў, сабақ сменаларын ақылға уғрас шөлкемлестирип, көбирек жасларды оқытыў бойынша көрсетпелер берилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары