Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин 3-май күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Россия Президентиниң өткен жыл май айындағы Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў нәтийжелери көрип шығылды.
Өз-ара товар алмасыў пәтин сақлап қалыў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперациялық жойбарларды жеделлестириў, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыллаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Усы мәниде, Ташкент қаласында бесинши «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбеси шеңберинде болып өткен исбилерменлик илажларының унамлы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Гуманитарлық бирге ислесиў, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысып, болажақ ушырасыўлар режесин додалады.
ӨзА