Саида Мирзиёева Шейх Зоид атындағы «Инсаный дослық» абырайлы сыйлығының халықаралық төрешилер коллегиясы қурамына киргизилди

Кеше С.Мирзиёева ҳәм Мусылман данышпанлар кеңесиниң бас хаткери Муҳаммед Абдусалом арасында ушырасыў болып өтти. Өзбекстан Президентиниң жәрдемшиси ислам дини тийкарында жатқан улыўмаинсаныйлық ҳәм руўхый қәдириятларды қоллап-қуўатлап атырғаны ушын усы халықаралық шөлкемге миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, Саида Мирзиёева ҳәр жылы өткерилетуғын Шейх Зоид атындағы «Инсаный дослық» сыйлығының 2026-жылғы төрешилер коллегиясы қурамына киргизилгенинен оғада қуўанышлы екенин билдирди.

«Тек ғана биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен биз бул дүньяны және де жақсырақ ете аламыз»-деп атап өтти С.Мирзиёева.
Шейх Зоид атындағы «Инсаный дослық» сыйлығы – дүньяның раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған, инсан ҳуқықлары, тынышлық ҳәм әдиллик ушын гүресип атырған шахсларға берилетуғын, халықаралық дәрежеде ең жоқары баҳаланатуғын жоқары атақлардан бири болып есапланады.

Бул сыйлық 2019-жылы Рим папасы Франциск ҳәм Ал-Азҳар университети бас имамы Аҳмад Ат-Тойиб арасында Абу-Дабиде болып өткен тарийхый ушырасыў ҳүрметине шөлкемлестирилген болып, олар биргеликте инсаный дослық ҳаққындағы ҳүжжетке қол қойған еди.
БАӘниң тийкарын салыўшысы, марҳум Шейх Зоид ибн Султан Ал-Наҳаянның аты менен аталатуғын бул сыйлық қоры 1 миллион доллар болып, сыйлық пулы социаллық машқалаларға шешим таўып атырған, тынышлық ҳәм татыўлыққа үлес қосып атырған шахслар ҳәм шөлкемлер арасында бөлистириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги