Ҳуқықтаныўшылар кредит-модуль системасы тийкарында маманлығын арттырыўы мүмкин болады

506

Әдиллик министрлигинде “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтында юридикалық кадрлардың кредит-модуль системасы тийкарында қәнигелигин арттырыў тәртиби ҳаққында”ғы реже мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Реже Әдиллик министрлиги жанындағы Юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтында юридикалық хызмет, адвокатура ҳәм нотариат тараўлары бойынша юридикалық кадрлардың (тыңлаўшы) кредит-модуль системасы тийкарында қәнигелигин арттырыў тәртибин белгилейди.

Тыңлаўшылар маманлығын арттырыў курсларында Институт пенен шәртнамаға муўапық төлемли тийкарда оқытылады.

Институтта кредит-модуль системасында 1 кредит муғдары 2 академиялық саатқа тең. Тыңлаўшы қәнигелигин арттырыў курсының 1-жылы даўамында 12 кредит (24 академиялық саат) ке тең болған оқыў жүклемесин өзлестириўи керек.

Маманлықты арттырыў курслары тыңлаўшыдан 3 жылда 36 кредит (72 академиялық саат) көлеминдеги оқыў бағдарламасын өзлестириўди талап етеди.

Модуль бойынша тыңлаўшының өзлестириў дәрежеси 56 процент ҳәм оннан жоқары баҳаланған жағдайда бул модуль өзлестирилген есапланады.

Маманлығын арттырыў курсын табыслы тамамлаған тыңлаўшыларға белгиленген үлгидеги сертификат бериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги