Кластердиң жаңа кәрханалары иске қосылды

Мәмлекетимиз басшысы Хорезмдеги «Үргенш кластер»диң жаңа кәрханаларының жумысы менен танысты.
Кластердиң шөлкемлестирилгенине бес жыл болған. Бүгин ол пахта шийки затын жетистириўден баслап таяр кийим-кеншек тигиўге шекемги барлық процесслерди қамтып алған бир пүтин «шынжыр». Оның системасында 3 мың адам жумыс пенен тәмийинленген.


Исбилермен 8 мың 500 гектар майданда жетистирилген пахтаны 100 процент қайта ислейди. Оның ушын пахта тазалаў ҳәм май заводлары бар.
Усы күнлери кластердиң жип-ийириў ҳәм гезлеме тоқыў қуўатлылығы артты. Қосымша инвестиция есабынан және еки кәрхананың жумысы жолға қойылды. Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды.


Кәрханада оқыў-тәжирийбе орайы шөлкемлестирилген. Тигиўши ҳәм дизайнер-қәнигелер алдын бул жерде оқытылып, кейин жумысқа жибериледи.
Олардың нәтийжесинде өндирис көлеми сезилерли артты. Жылына 10 мың 800 тонна әтирапында ийирилген жип ҳәм 3 миллион дана тигиўшилик өнимлерин таярлаў қуўатлылығы жаратылды.
Президент Шавкат Мирзиёев жаңа фабрикаларда болып, жумыс процеси, таяр өнимлерди көзден өткерди. Тигиўши ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Олардың айлық мийнет ҳақылары, мийнет шараятлары менен қызықты.


Бул жерде таярланып атырған жоқары сапалы кийим-кеншеклердиң үлкен бөлеги экспортқа қаратылады. Кәрхананың жыллық экспорт потенциалы 28 миллион доллар әтирапында.
Өнимлердиң түри ҳәм сапасын көбейтип, экспорт көлемин кеңейтиў, энергияны үнемлеў арқалы өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў бойынша усыныслар берилди.
ӨзА