Вашингтон ҳәм Киев Украина тәбийғый ресурслары бойынша келисимге қол қойды

30-апрель күни АҚШ ҳәм Украина сийрек ушырасатуғын металлар қазып алыўда бирге ислесиў ҳәм мәмлекетти тиклеў бойынша Америка-Украина инвестиция қорын иске қосыў ҳаққында келисимге қол қойды. Келисимге бола, тәреплер тең ҳуқыққа ийе болады ҳәм әҳмийетли материаллар, нефть ҳәм газ тараўында жаңа жойбарларды әмелге асырады. Соның менен бирге Украина аймағындағы барлық ресурслар, сондай-ақ, «Укрнафта» ҳәм «Энергоатом» мәмлекетлик корпорациялары мүлк сыпатында Киев қадағалаўы астында қалады. Енди ҳүжжет Жоқары Рада тәрепинен ратификацияланыўы зәрүр.
Украина Бас министриниң орынбасары Юлия Свириденконың атап өтиўинше, келисим шеңберинде инвестиция фонды биргеликте басқарылады, тәреплердиң ҳеш бири шешиўши даўысқа ийе болмайды.

– Дүзилип атырған қорда үлес ҳәм басқарыў ҳуқықы теңдей, – деп жазды сиясатшы социаллық тармақтағы бетинде. – Толық ийелик ҳәм қадағалаў Украинада қалады. Аймағымыз ҳәм суўымыздағы барлық ресурслар өзимизге тийисли. Қаяқтан ҳәм не қазып алыўды өзимиздиң мәмлекетимиз белгилейди. Жер асты байлықлары Украина мүлки болып қалады – усындай келисим тәмийинленген.
АҚШ қаржы министри Скотт Бессент те келисимге қол қойылғанын тастыйықлады.

«Reuters» агентлигиниң жазыўынша, қосымша және еки ҳүжжетке қол қойыў режелестирилген. Тек ғана Киев бул мәселени үйрениўи ушын қосымша ўақыт сораған.
Украина Бас министри Денис Шмигал 27-апрель күни Бессент пенен ушырасыў жуўмағында Киев Американың бурын көрсеткен финанслық жәрдеми жер асты бойынша келисимге қарыз миннетлемеси сыпатында киргизилмеўине ерискен.

– Бул келисим Россияға Трамп ҳәкимшилиги еркин, суверен ҳәм гүллеп-жаснаған Украинаны жаратыўға қаратылған узақ мүддетли тынышлық процесиниң тәрепдары екени ҳаққында анық хабар береди, – деген лаўазымлы хызметкер министрлик жәриялаған билдириўде. – Украинаны тиклеўге Россия әскерий-санаат комплексин қаржыландырған мәмлекетлер ҳәм адамлардың тартылыўы қадаған етиледи.
Уллы Британия сыртқы ислер министри Девид Лемми келисимге қол қойылғанын қоллап-қуўатлаған. Ол социаллық тармақ бетинде Патшалықтың Украина менен бир әсирлик бирге ислесиў шәртнамасына садықлығын айрықша атап өткен.
ӨзА