Мойнақ районында да мәҳәлле баслығы сайланды

241

Мойнақ районындағы Жайҳун мәҳәллесинде де әҳмийетли илаж мәҳәлле баслығын сайлаў өткерилди. Бул илаж – халықтың исеними, белсендилиги ҳәм пуқаралық позициясы көринетуғын илаж болып есапланады.

Сайлаў процесинде талабанлар таныстырылып, ҳәр бириниң тәжирийбеси ҳәм режелери тыңланды. Халық сайлаўда белсене қатнасып, өз мәҳәллесиниң ертеңги күнине тиккелей тәсир ететуғын қарарды өзлери шығарды.

Нәтийжеде Гүлмира Тәжибаева ең көп даўыс топлап, Жайҳун мәҳәллесиниң баслығы етип сайланды.

Атап өтилгениндей, бул жеңис – тек ғана талабанның емес, ал мәҳәлледеги ҳәр бир ҳаял-қыздың мийнети, ҳәр бир пуқараның исениминиң нәтийжеси болып есапланады.

Сайлаў – бул исеним, имканият ҳәм келешекке ашылатуғын есик. Бүгинги күнде мәҳәлле баслығы сыяқлы әҳмийетли лаўазымларға сайлаў арқалы келиў – халықтың өзин-өзи басқарыў процесине тартылатуғынын, ашық-айдынлық ҳәм әдиллик принциплериниң енгизилетуғынын көрсетеди.

Мәҳәлле – бул жәмийеттиң жүреги. Жаңа басшы – бул жүрекке жаңаша қан, жаңа руўх ҳәм жаңа мақсет дегени. Жайҳун мәҳәллеси ушын болса бул жаңа басқыш, жаңа имканиятлар есиги болып есапланады.

Г.Тәжибаева усы күнге шекем мәҳәллениң ҳаял-қызлар белсендиси, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы белсендилериниң бири сыпатында халық ийгилиги ушын жумыс алып барған. Бул жумыслар – тәжирийбе енди мәҳәллениң абаданлығы жолында жумсалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги