Өзбекстанныӊ басламасы менен Халықаралық жер силкиниў қурбанларын еслеў күни шөлкемлестирилди

Түрли тәбийғый апатшылықлар инсанға қыйыншылықлар келтирип, халыққа, инфраструктураға ҳәр түрли көлемде зыян жеткереди. Әсиресе, жер силкиниўлер тәбийғый апатшылықлар ишинде ең қәўиплилеринен бири болып, оны алдыннан билиўдиң имканияты жоқ. Сонлықтан да жер силкиниўлердиң ақыбетлери аянышлы көринис пайда етиўи мүмкин.
2023-жыл 16-март күни болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезексиз саммитинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен айрықша жағдайлар бойынша қәнигелескен халықаралық структуралар менен әмелий бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылған еди. Өзбекстан Республикасы Президенти жер силкиниў қурбанларына ҳүрмет көрсетиў ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў зәрүр екенлигин еслетиў мақсетинде еслеў ҳәм аўызбиршилик күнин шөлкемлестириў ҳаққындағы басламаны алға қойды.
Бүгинги күнде усы баслама әмелде өз нәтийжесин көрсетти. 2025-жыл 29-апрельде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нью-Йорктағы бас резиденциясында БМШ Бас Ассамблеясы Өзбекстанныӊ басламасы менен 29-апрельди Халықаралық жер силкиниў қурбанларын еслеў күни деп жәриялаў ҳаққындағы резолюцияны қабыл етти. Ҳүжжетке дүньяның барлық регионларынан 80 нен аслам мәмлекет те қосылған.
Халықаралық жер силкиниў қурбанларын еслеў күни биринши мәрте 2026-жыл 29-апрель күни белгиленеди. Бул сәне 1966-жылы Ташкент қаласында жүз берген жер силкиниўдиң 60 жыллығы мүнәсибети менен белгиленди.
Жақында БМШ Бас Ассамблеясы Өзбекстанныӊ басламасы менен Тоғай жетистириў ҳәм тоғайды тиклеў декадасы ҳаққындағы резолюцияны да қабыл еткенин усы жерде атап өтиў зәрүр.
Халықаралық жер силкиниў қурбанларын еслеў күнин белгилеўге байланыслы резолюция болса соңғы жылларда Өзбекстанныӊ басламасы менен қабыл етилген 13-резолюция есапланады. Усы резолюцияның қабыл етилиўи Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы барған сайын артып баратырғанын, мәмлекетимиз басшысының халықаралық шеңбердеги әҳмийетли басламаларынан бири болғанын көрсетеди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА