Япония әдиллик министри Өзбекстан Президенти тәрепинен нызам үстинлиги бағдарында алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалады

Өзбекстан әдиллик министри Акбар Тошқулов Япония әдиллик министри Кейсуке Сузуки менен ушырасты. Онда әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында перспективалы бирге ислесиў байланыслары ҳәм биргеликте әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жаңа усыныслар додаланды.
А.Тошқулов делегация ўәкиллерине еки мәмлекет ҳуқықтаныўшылары ҳәм илимпазлары менен биргеликте алып барылып атырған жумыслар, өз-ара сапарлар ҳәм министрлик жумысына байланыслы реформалар ҳаққында айтып берди.
Япония әдиллик министри Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, бул бағдарда «Өзбекстан-2030» стратегиясында анық механизмлер белгиленгени оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мырза К.Сузуки еки министрлик арасында орнатылған бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў «әдиллик сөйлесиўи» форматында жаңа басламаларды әмелге асырыў бойынша өз усынысларын билдирди.
Ушырасыў соңында А.Тошқулов 29-30-май күнлери шөлкемлестирилип атырған IV Халықаралық юридикалық форум – «Tashkent Law Spring»қа Япониядан үлкен делегация күтилип атырғанын атап өтти. Япония әдиллик министрлиги нызам үстинлигине тийкарланған еркин ҳәм ашық халықаралық бирге ислесиўди тәмийинлеў ҳәм беккемлеўде Өзбекстанның исенимли ҳәм узақ мүддетли стратегиялық шериги екенлигин атап өтти.
Ушырасыўдан соң делегация ағзалары Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиндеги Япон ҳуқықын изертлеў орайының жумысы менен танысып, орай тыңлаўшылары менен сәўбетлести.
Н.Абдураимова, ӨзА