Өзбекстан Мусылман данышпанлары кеңеси менен бирге ислесиў кеңеймекте
Бүгин Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева Мусылман данышпанлары кеңеси Бас хаткери Муҳаммад Абдуссалом менен сөйлесиў өткерди.
Сөйлесиў барысында Мусылман данышпанлары кеңеси менен байланысларды раўажландырыў, диний кеңпейиллик ҳәм дәстүрий ислам қәдриятларын беккемлеў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Соның ишинде, Мусылман данышпанлары кеңеси менен биргеликте уллы бабаларымыздың илимий-руўхый мийрасын терең үйрениў, атап айтқанда, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Самарқанд қаласында қайтадан қурылып атырған Имам Бухарий комплексиниң жумысы шеңберинде нәтийжели байланысларды жолға қойыў мәселелери ҳаққында сөз етилди.
Бүгинги күнде пүткил дүнья мусылманлары ушын татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жасларды ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерден сақлаў мәселелери ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул бағдарда тәреплер кеңнен бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында өз-ара байланысларды буннан былай да кеңейтиў, делегациялардың сапарларын әмелге асырыў, биргеликте ҳәр түрли илимий ҳәм әмелий илажларды шөлкемлестириўге келисип алынды.
ӨзА