Европа парламентинде Жаңа Өзбекстан ашық-айдын, демократиялық жолдан баратырғаны атап өтилди

280

Европа парламенти ҳәм Бельгия Сенаты тәрепинен Брюссель қаласында шөлкемлестирилген «Гендерге болған сезиўшең парламентлер» темасындағы семинарда Өзбекстан парламенти ўәкиллери де қатнасты.

Оған Европа, Бельгия, Германия, Литва, Чехия парламенти ағзалары ҳәм Гендер теңлик бойынша  Европа институты директоры ҳәм Европа Аўқамының «Inter Pares» жойбарының басшысы менен бир қатарда Өзбекстан Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Оразгул Қозихонова ҳәм Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети баслығының орынбасары Қобил Турсунов қатнасты.

Илажда Өзбекстан бүгинги күнде гендер теңликти тәмийинлеўде жетерли тәжирийбеге ийе екени, тараўда нызамшылық беккемленип, буннан былай да жетилискени, нәтийжели механизмлер жаратылғаны ҳәм онда парламенттиң белсене қатнасы атап өтилди.

Европа парламенти вице-президенти ҳәм гендер теңлик бойынша жоқары дәрежедеги топар ағзасы Николай Стефанута усы жыл 6-9-апрель күнлери Өзбекстанға әмелге асырған сапары ўақтында мәмлекетте алып барылып атырған реформаларға гүўа болғанын атап өтти. Жаңа Өзбекстан бүгинги күнде ашық-айдын ҳәм демократиялық жолда баратырғанын атап өтти.

Европа парламенти Сыртқы ислер комитети баслығының орынбасары Хана Жаллоул Өзбекстанда нызамшылық жетилисип атырғаны ҳәм мәмлекет тәжирийбеси басқа да мәмлекетлерге пайдалы болатуғынын атап өтип, елимизге сапар етиў нийетин билдирди.

Семинарда Европа парламентиниң жумысы, механизмлери ҳәм динамикасы менен танысылды, сондай-ақ, Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстанда гендер теңлик ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы өзгерислер және басым ҳәм зорлықтың алдын алыў мәселелери додаланды. Нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў илажлары, жәмийетшиликтиң қатнасы ҳәм гендер аудит бойынша тәжирийбе алмасылды. Парлементлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы