Финанслық ҳәм басқа да қәўиплерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мәмлекет қаржысы тараўында қәўиплерди басқарыў системасын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» қарар қабыллады.
Оған муўапық:
а) Финанслық ҳәм басқа қәўиплерди анықлаў, баҳалаў ҳәм басқарыў тәртиби ҳаққындағы реже:
республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында финанслық ҳәм басқа да қәўиплерди анықлаў, баҳалаў ҳәм олардың реестри ҳәм мониторингин жүргизиў;
финанслық ҳәм басқа да қәўиплерди азайтыў (алдын алыў, сапластырыў) бойынша системалы илажларды әмелге асырыў;
финанслық ҳәм басқа да қәўиплерди басқарыў тараўында жуўапкер хызметкерлердиң қәнигелигин арттырып барыў;
б) Қәўиплерди басқарыў комитети ҳаққындағы үлги реже:
республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларында Қәўиплерди басқарыў комитетлерин ҳәм олардың жумысын шөлкемлестириў тәртиби;
Қәўиплерди басқарыў комитетлериниң тийкарғы ўазыйпалары тастыйықланды.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының Қәўиплерди басқарыў комитетлери ағзалары ҳәм структуралық бөлимлериниң хызметкерлери ушын қәнигелик арттырыў системасы жолға қойылады.
ӨзА