Ғаўаша тәрбиясындағы әҳмийетли мәселелер сөз етилди

Тахтакөпир районында 2025-жылдың зүрәәти ушын шигит егилген майданларда агротехникалық илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, ғаўашаларды культивациялаў, азықландырыў, биоөнимлерди шығарыў бойынша семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманиязов, район ҳәкими Ж.Адилов, тараўға жуўапкер басшылар, қәнигелер ҳәм фермерлер қатнасты.
Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен, ғаўашалардың қатар араларын жумсартыў, оларды минерал төгинлер менен азықландырыў ҳәм дурыс тәрбиялаў бойынша әмелий усыныслар берилди.


-Бул семинарды өткериўден тийкарғы мақсет ғаўаша жетистириўдиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм заманагөй агротехникаларды қолланыў арқалы өнимдарлықты көтериўден ибарат-дейди Тахтакөпир районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелер бойынша орынбасары Сейдулла Досбергенов.- Быйыл районымыз бойынша 3 600 гектар майданға шигит егилип, оларға тәрбия жумыслары баслап жиберилди. Соннан 1610 гектар майданға қытай технологиясы тийкарында сол елдиң пахта сортлары егилди.
Өткерилген илажда фермерлер тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, оларға жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы